СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ТУРМЫСЫНАН         

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы  Юридика техникумы жанында «Әдалат бағы» шөлкемлестирилди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда депутатлар, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты. Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов жыйналғанларды сәне менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен елимиз бойлап «Әдалат ҳәр бир инсан ушынӘ» сүрени астында түрли илажлар өткерилмекте. Нәл егип, бағ жаратыў болса халқымызға тән әзелий қәдириятлардан есапланады.

 

 

Нөкис қаласындағы бос жатырған орынлардың биринде бағ жаратыў басламасы партия ағзалары тәрепинен қоллап-қуўатланды. Буннан гөзленген мақсет, елимиз бойлап әмелге асырылып атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларына мүнәсип үлес қосыў, усы ағла пазыйлетлерди жасларымыздың санасына сиңдириў болып табылады.

Бул илаждың оқыў орынларынан басланып атырғаны тосыннан емес. Себеби бундай илажлар жас әўладтың қәлбинде ана тәбиятқа сүйиспеншилик сезимлерин оятатуғынына гүман жоқ. Бағдың жаратылыўы болса, қоршаған орталыққа көрик бағышлаўы менен бирге, ҳаўаның тазалығын тәмийинлеп, халқымыздың дәстурханын түрли мийўелер менен тотырыўға хызмет етеди.

Усы күнниң өзинде жақсы нийетлер менен түрли мийўе нәллери отырғызылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.