Нөкис қаласында «Жаслар фестивалы» шеңберинде қала ҳәкиминиң кубоги ушын мини футбол, веломарафон жарыслары ҳәм «Жас аспазлар» таңлаўы өткерилди.

Ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2020-жыл 31-декабрь күни «Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша сиситемасын енгизиў бойынша илажлар бағдарламасы» қабыл етилди. Усы бағдарламаға муўапық орынларда түрли илажлар өткериў режелестирилген.

Қала ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы футбол ассоциациясы биргеликте шөлкемлестирилген мини футбол жарысына жоқары оқыў орынларынан 8 команда қатнасты. Барлық қарсыласлары үстинен исенимли жеңиске ерискен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы биринши орынды ийелеп, ҳәким кубоги жеңимпазы болды. Екинши орынды Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, үшинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командасы ийеледи. Жарыс жуўмағында «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жақсы ойыншы», «Ең жақсы төреши» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Өзбекстан велосипед спорт федерациясының Қарақалпақстан Республикасы бөлим менен биргеликте шөлкемлестирилген веломарафон жарысы да қызықлы өтти.  Онда 14-18 жастағылар арасында Руслан Оспанов, Диана Ерназарова, 19-25 жастағылар арасында Зафар Орынбаев, Камила Досжанова, 26-30 жастағылар арасында Батыр Қудайбергенов, Шийрин Ғайбуллаева, 31 жастан жоқарылар арасында Бердақ Қудайбергенов, Сарбиназ Утамбетовалар финишке биринши болып келди.

Қарақалпақстан Республикасы улыўма аўқатланыў кәрханалары бирлеспеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жас аспазлар» таңлаўына 20 аспаз қатнасты. Олардың арасынан Ҳайтбай Казиев, Руслан Қозыбаев ҳәм Мадина Даўлетмуратовалар жеңимпаз болды.

-Карантин илажларынан кейин биринши мәрте өткерилип атырған таңлаў бәршеде айрықша қызығыўшылық оятты,-дейди улыўма аўқатланыў кәрханалары бирлеспесиниң баслығы Гүлмурза Юлдашев.-Буннан гөзленген мақсет, қарақалпақ, өзбек ҳәм елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң миллий тағамларын халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. Бир ғана палаўды алып қарайық. Қатнасыўшылар тәрепинен қарақалпақша, Ташкент, Самарақанд, Бухара ҳәм той палаўы писирилди. Булардың таярланыўы да түрлише. Сонлықтан да оны аспазларымыз билиўи шәрт.

Илаж жуўмағында мини футбол, веломарафон жарыслары ҳәм «Жас аспазлар» таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығынын биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Нөкис қаласының ҳәкими У.Панаев жеңимпазларды қутлықлап, оларға диплом, қала ҳәкиминиң кубоги ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

 

 

 

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.