Усы жылдың 16-февраль күни Елликқала районлық ИИБ Жынаят-излеў бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районы «Өзбекстан» АПЖ аймағында 41 жаслы Айбек К. ҳәм 36 жаслы Ахмад Е. исимли адамлар арнаўлы қарыйдарға 1 200 000 сум пулға шақмақ формасындағы дәптер бетине оралған қоңыр сарғыш реңли, даналы, унтақ ҳәм уксус ийисли таза салмағы 0,17 грамм «героин» нәшебентлик затын сатқан ўақтында усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.

Суд химиялық экспертизасының жуўмақлары бойынша бул зат «героин» нәшебентлик заты екенлиги тастыйықланған.

Бул жағдай бойынша Елликқала районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси ашылған ҳәм дәслепки тергеў процесинде усы пуқараларға айыплаў жәрияланып, «қамаққа алыў» тәризиндеги шара қолланылған.

 

Ҳәзирги ўақытта нәшебентлик затының келип шығыўы анықланбақта, тергеў жуўмағына муўапық қарар қабыл етилиўи тәмийинленеди, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.