Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң шөлкемлестириўинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың туўылғанына 106 жыл толыўына байланыслы оның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Қарақалпақ мәдений мийраслары» атамасында онлайн тәризинде халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияға жоқарғы оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, жазыўшылар, шайырлар, илимпазлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, Россия, Украина, Белорусь, Қазақстан ҳәм Қырғызстандағы тараў ўәкиллери ҳәм Т.Жумамуратовтың дөретиўшилиги менен қызығып, шуғылланып киятырған қәнигелер менен жаслар, шайырдың туўған-туўысқанлары қатнасты.

Конференция Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде өткерилген көргизбе менен басланды.

 

 

Көргизбеде Тилеўберген Жумамуратовтың кейинги әўладқа умытылмас келбети сәўлелендирилген Николай Корнилов, Кәўендер Бердимуратов, Ислам Алибеков, Ж.Изентаев, Мурат Қудайбергенов, Т.Сулайманов, Гүлайым Кабулбекова ҳәм басқа да художниклердиң дөретпелери, музейде сақланып киятырған Тилеўберген Жумамуратовқа тийисли болған жеке буйымлар, заманлас шайырлар менен биргеликте жумыс ўақтында түсирилген фотолары, шығармалары қойылды.

 

 

Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, тарийх илимлериниң кандидаты О.Доспанов, филология илимлериниң кандидаты, профессор М.Жумамуратова, музей директоры А.Юсупова ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

 

 

Атап өтилгениндей, Тилеўберген Жумамуратовтың дөретиўшилиги оғада бай болып, ол поэзиялық, прозалық, драмалық, публицистикалық жанрларда қәлем тербетти. Бирақ, оны журтқа белгили еткен – поэзия болды.  Онда айқулақтың қубылыўындай төртликлер, терме, сонет, баллада, тымсал, юмор-сатиралық қосықлардан тартып, поэма, қосық-балладаға шекем бар. Әдебияттаныў илими бул үлкен мийрасты еле үйренип келмекте.

– Ҳәр бир халықтың атын шығаратуғын, даңқын көрсететуғын уллы перзентлери болады. Мине, халқына өзиниң өткир қәлеми менен қалыўсыз хызмет еткен пидайы перзентлериниң бири, белгили сөз зергери Тилеўберген Жумамуратов болып табылады,-дейди Қ.Жәримбетов. – Тилеўберген туўма шайыр, деп айтысар еди заманласлары.

Шынында да, ол фольклорлық орталықта өсип ҳәм қәлиплесип, импровизатор шайыр болып жетискен еди. Ол қосық пенен өз заманының көркем жылнамасын жазып кетти, десек дурыс болар еди. Оның үлкен мийрасының ишинде, жоқарыда айтқанымыздай, ўақыт асырымларынан өтип, ҳәзирги әўладтың мәнәўий дүнясынан орын алған, улыўма инсаныйлық, әдеп-икрамлылық, жаңа турмыс талапларына жуўап бере алатуғын шығармалары көп. Олардың айырымларында ўақыт, өмир, жәмийет, адамлар, әўладлардың алмасыўы сыяқлы терең философиялық түсиниклер аңластырылып, оқыўшылар жеңил қабыллайтуғын дәрежеде ықшамластырылып берилген.

Шайырдың сатиралық дөретпелеринде мәскүнемлик, дәмегөйлик ашкөзлик, нәшебентлик, ҳәмелпаразлық, наданлық, қызғаншақлық сыяқлы иллетлер өткир тил менен сынға алынады, әшкара етиледи.

Тилеўберген Жумамуратовқа бағышлап, бундай илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына өз үлесин қосқан тулғалардың дөретиўшилигин кеңнен үйрениў, үгит-нәсиятлаў, дәўирлес шайырлардың дөретиўшилигиндеги тутқан орнын белгилеў, миллий әдебиятымызды дүнья халықларына жақыннан таныстырыў, жасларымызда әдебиятқа, мәдениятқа муҳаббат сезимлерин оятыў арқалы, кәмил инсанлар болып жетилисиўине тийкар жаратыўдан ибарат.

Конференция даўамында сырт елли қәнигелердиң пикирлери, қутлықлаўлары, ол жерлерде оқып атырған студент-жаслардың атқарыўында шайырдың шет тиллерге аўдарылған қосықлары тыңланды. Т.Жумамуратовтың шығармалары бойынша жаслар арасында таңлаў өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

 

 

 

Илаж шеңберинде Бердақ атындағы Мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

 

 

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳәбибуллаевтын түсирген сүўретлери