ЮНЕСКО менен биргеликте Өзбекстандағы бурынғы Хийўа қаласында «Орайлық Азия цивилизациялар кесилиспесинде» халықаралық форумы болып өтеди, деп хабар береди Kazinform БМШтың жаңалықлар сайтына сүйенип.

ЮНЕСКО Орайлық Азияның улыўма тарийхы ҳәм мәдений мийрасына итибар қаратады. Атап айтқанда, шөлкем «Жипек жолы» жойбарын баслады. Бул мәденият, гастрономия ҳәм моданы раўажландырыўда саўда үйлериниң тәкирарланбас орны, қайсы спорт түрлери раўажланғаны , туристлерге қандай жуқпалы кеселликлер қәўип туўдырған ҳәм басқалар ҳаққында мағлыўмат алыўға имканият береди.

ЮНЕСКОның пикирине бола, форум «аймақтың улыўма мәденияты ҳәм улыўма мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў да және бир имканият береди».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги