Ҳәммениң хабары бар, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў илажларына бағышланған мәжилис болып өтти. Онда додаланған мәселелердиң елдиң раўажланыўы, миллет камалына қосатуғын үлеси қаншелли салмақлы болажағы еле жүдә көп үйрениледи. Бул бойынша пикир жүргизиў,ойлаў өз алдына, терең тема.

Ҳәзирги ўақытта мен мәжилис барысында мәмлекет басшысы бир неше мәрте тәкирарлаған бир ғана – «түртки» деген сөз ҳәм оннан алған тәсир және жуўмақларымды сиз бенен бөлиским келди.

Адам баласының, басқаларды айтпасақ та   болады, гейде, ҳәтте өзин де түсине алмай қалатуғын пейли бар. Болмаса, бул мәжилисте Президент тәрепинен нешше мыңлаған сөзлер айтылды, қанша мақаллар, ҳикметлер, образлы сөзлер жаңлады. Мени болса негедур мине усы «түртки» ойландырып қалды. Президент лебизинде бул сөз гейде дәрт, гейде шақырық болып жаңлағаны ушын ба, балалығым, оқыған, еситкенлерим ядқа түсти.

…Жаслығымызда сабан басқылайтуғын едик. Бул жумысты саратанда – қуяш тас төбеңде тандырдай қыздырып турған тал түс ўақытлары ислемесең, сабан ешеклердиң туяғы астында  баўлықтай есилип жата беретуғын еди. Биз 4-5 ешекти мойнынан бир-бирине байлап, маңлайдан шып-шып аққан ашшы терге көмилип, ешеклерди сабалап езетуғын екенбиз, шыжғырған ыссыда қалғып, жалаңаш жәниўар үстинде теңселип кеткен ўақытларымыз болатуғын еди. Сонда жаба менен қырман дөгерегине шашылған сабанды туяқлары астына басып турған марҳум әкемниң жанындағы ешекке минип алған әжағама: «Ҳей, Абдуўәлий, иниңди түртип қой, болмаса ҳәзир аўнап кетеди!» деген түрткиси дәрриў есеңгиретип жиберетуғын еди.

Сондай. Бир түртки қалғыған адамды әдеўир сергеклендиреди. Жылға жолын тосып турған тасты алып таслаў да түртки. Наўқастың жанын сақлап қалған бир тамшы суў негизинде де муқаддес турмыслық түртки бар.

Уйқысыраған жәмийет те бир түрткиге мүтәж болады гейде. Тарийхта буған мысаллар көп. Өзимизде узақ жыллар уйқысырап жүргенимизди енди тән алып атырмыз. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Стратегиясы Өзбекстан ушын ояныў қоңыраўы – турмыслық түртки болғанын да енди-енди түсинип атырмыз.

Сондай болса-да, бул түрткиден кейин ҳәмме бирден атларын шаптырып кеткен емес. Дурыс, ояна сала қасындағыларды, таныс-билислерин, досларын да түртип, алға ийтермелеген, қыйыншылықларға, ҳәр қыйлы сынақларға мәртлерше көкирегин тутқанлар көп болды. Бирақ, айырым адамлар уйқысыраған көзлерин ашты да, ериншеклик пенен манаўсырап және көрпесине бүркенип алды. Кимдир жуўырып кетип атырғанларды бийпәрўа бақлап турды. Кимдир бир түртки менен жумыс питетуғын ба еди, бул да гезектеги компанияпазлық шығар-да, деген ойда суўыған шайын уртлап отыра берди. Түсинбей, итибар бермей, қызықсынбай, сынын бузбай, бир түги қылт етпегенлер де болды. Шириген жапырақ астында дүньядан түңилген көлмеклер болса, тынышлығын бузғанлардан қатты ренжиди. Масқара-мазақ еткенлер ушырасты… Ушырасты, бул түрткиден пайдаланып өзлерин исшең, ўатансүйгиш, исбилермен етип көрсетиў арқалы, қалталарын толтырып алыўға кирискен сатқынлар да. Бирақ, тилекке қарсы, бундай адамлар сахнаға шығыў ушын қас-көзине бояў сүртиўдиң өзи жетерли емес екенлигин, оның ушын уқыпсыз актёр емес, ҳақыйқый пидайы болыў керек екенлигин еле аңлаймайтуғын еди. Соның ушын жәмийет бундай ойдағыларды избе-из суў бетиндеги көбик сыяқлы жағалыққа шығарып таслады.

Бирақ бүгин сол нәрсе белгили болып турыпты, сол түртки Өзбекстан деген ўатанда жасап атырған жүрегинде әрманы, ғайраты, Ўатаны, миллетине муҳаббаты болған адамларға қозғаў салып, толқынландырып жиберди. Пүткил халық көрип турған бул теңсиз жемириўлер, нәзеримде артықша тәриплеўге мүтәж емес…

Және мәжилиске қайтаман.

Денсаўлықты сақлаў министри системада болып атырған изленислер ҳаққында айтып атырып, Намангандағы ийгиликли ислерге тоқтап өткенде, мәмлекет басшысы қуўанғанынан: «Шыпакерлерге Қудайым инсап бергени рас болсын!» деп сүйсинип кетти. Соң, Самарқандта ҳәким болған ўақтында Иштихон районындағы жағдайы ҳәм денсаўлықты сақлаўдағы сыяқлы аўыр болғаны, оларды ҳәрекетке келтириў қыйын болғаны ҳәм ҳәтте, Иштихон ҳаққындағы қосық жаздырғанын еследи. «Бул жерде Хайриддин Султонов қатнасып атыр, Сизде шыпакерлерге қудайым инсап бергени рас болсын, деген қосық жазың», деди мыйығында күлип. Ярымы ҳәзил ярымы шын тәризинде айтылған бул сөзлердиң негизинде, мениң ойлаўымша тек ғана денсаўлықты сақлаў хызметкерлери емес, ал барлық қәлемкешлерге де ғайратқа шақырыўшы түртки – шақырық бар.

Ҳәммемизге белгили, медицинамызда теңсиз жаңаланыўлар жүз берди. Ең заманагөй әсбап-үскенелер алып келинди, онлаған жаңа поликлиникалар, шаңарақлық-саламатлық орайлары, санаторийлар қурылып, хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы арттырылды. Бирақ, тараўда кемшиликлер аз емес. Ең жаманы – таныс-билислик, қопаллық, дәмегөйлик, саўатсызлық, парахорлық даўам етип атыр. Әлбетте, узақ жыллық шириген тамырларды топырақ астынан таўып, кесип таслаў аңсат емес. Тамырдағы патасланған қан бир-еки аспа укол менен таза болып қалмағаны сыяқлы, бундай кеселликти де бир күн ямаса бир жылда емлеў қыйын.

Енди Президенттиң қосық жазыўға байланыслы тапсырмасы ҳаққында.

Алдыннан айтаман, бул жерде гәп жақында жүзден аслам жазыўшыларға жаңа турақ жайлардың берилгени, жер жүзинде уқсасы болмаған Жазыўшылар қыябаны қурылғаны ямаса ардақлы жазыўшылар атында дөретиўшилик мектеплериниң шөлкемлестирилгени ҳаққында ғана емес, ал жәмийеттиң ашылғаны, сөз еркинлигиниң тәмийинленип атырғаны ҳаққында еди. Кеше ғана билип-билмей айтқан бир аўыз сөзи ушын жыллап я телевизор, я газета-журнал босағасына жақынлатылмаған дөретиўшилерди көрдик. Ҳәзиргидей бахытлы күнлерде қәлем ийесиниң сөзи тап түнги шырақ сыяқлы жанып турыўы керек. Оның жазғанлары жүреклерге көтериңки руўх, ертеңги күнге исеним, Ўатанға мухаббат сезимлерин тоқынландырыўы керек. Халқымыздың ардақлы шайыры Абдулла Орипов бийкарға: «Темур тыйығы жетпеген жерди, қәлем менен алды Әлийшер» деп айтпаған! Жазыўшылардың белсене болыўын  шын кеўилден қәлеп атырғанының және бир көринси еди бул. Сиз бенен бизди миллет руўхын толқынландырыўшы шығармалар жаратыўға шақырыў!

Мәжилисте кадрлар машқаласына айрықша тоқтап өтилди.

«Жақында Наманганға бараман, – деди Президент – Сораў қатты болады. Арбаны тартпайтуғынларды аямайман». Бул гәплерди айтып атырған, даўысында қаншелли әрман ҳәм азап қалқып турғанын сезиў мүмкин емес еди. Бир нәлди өсириў қаншелли қыйын. Бир басшыны ер жеткериў ше?! Бир жыл емес, бир айдың ишинде Когонда төрт басшы – ҳәкими бас, Ферғана қаласында төрт басшы – ҳәкими бас, алып тасланды. Ҳәм, және бир неше район ҳәкимлери, ўәлаят ҳәкими, министр ўазыйпасынан азат етилди. Булардың ҳәр бирине қаншадан-қанша мийнети, меҳири сиңген екен мәмлекет басшысының! Аңсатпа, өз перзентиндей, иниңдей болған шәкиртлериңе қатты гәп айтыў, өз жараңа дуз себиў менен тең емес пе? Бирақ адамларды оятсын, кейнине еритсин дегенниң өзи, түрткиге мүтәж болса, түртип оятсаң да көзин ашпаса, ғәплеттен қутылмаса, қалай шыдаў мүмкин? Бул тәрепте пүткил баслы мәмлекет, халық, пүткил жер жүзи бақлап турған болса! Қалаберди, аз ба, «өзлерин Әмир Темур, Мырза Бабур, Мангуберди әўладларымыз деп мақтанып жүргенлердиң жуўырыўлары қай жерге шекем баратуғын екен», деген мақсетте қәтемизди күтип турғанлар? Океан ямаса шөлистанлықлар артында емес, мине сондай ишимизде де тилекке қарсы, табылады бундай иши қаралар.

 

Мүлгимесин, ашыңқырың көзиңизди,

От-жалынға айландырың сөзиңизди.

Дос-яранды, ағайинди түртиң ҳәр күни,

Күнде-күнде түртип турың өзиңизди.

Абдусаид КЎЧИМОВ

(«Халқ сўзи» газетасынан алынды)

Қарақалпақстан хабар агентлиги