Британияның простата рагине қарсы гүресиў фонды аяқ аўырыўы оғада қәўипли кеселлик – простата рагиниң белгиси болыўы мүмкин екенлигин хабарлады, деп жазады «Express».

Сатан, омыртқа ямаса аяқтың жоқары бөлегинде аўырыў пайда болса, қәнигелер тексериў өткериў ушын шыпакерге мүрәжат етиўди мәсләҳәт береди.

Буннан тысқары, простата бези раги белгилерине эякуляция ўақтындағы кеўилсизлик, эрекция ҳәм сидик шығарыўға байланыслы машқалалар және маний қурамында қан болыўы киреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги