Айырым жағдайларда чай ишиў саламатлық ушын унамсыз ақыбетлердиң раўажланыўына алып келиўи мүмкин. Соның ишинде, асқазан менен байланыслы машқалалардан қыйналып атырған адамлар бул ишимликти ишпегени мақул. Бул ҳаққында россиялы диетолог, медицина илимлериниң докторы Михаил Гинзбург айтып өтти.

«Асқазаны аўырып атырған адамларға чай гейде туўра келмеўи мүмкин. Себеби ол азқазан силекейи ажыралыўын күшейтеди ҳәм кеселликти және де асқынландырыўы мүмкин. Әсиресе, қара чай ишпеген мақул»,- деди диетолог «Звезда» телеканалына берген интервьюинде.

Гинзбургтиң сөзлерине бола, биринши гезекте, организмниң индивидуал реакциясына итибар қаратыў керек. Себеби айырым жағдайларда қара чай ишиў  кеўилсизликти келтирип шығарады, көк чай болса, керисинше, жақсы қабыл етиледи. Бирақ асқазанның күшли аўырыўында еки ишимлик те унамсыз ақыбетлерге алып келетуғыны сөзсиз.

Диетолог, сондай-ақ, қара ҳәм көк чай қәсийети элементлердиң ҳәр қыйлы салыстырмасы себепли  әдеўир өзгешеленетуғынын түсиндирди. Мине, мәселен, көк чай аўырыўға қарсы тәсирге ийе болса, қара чай тетиклестиреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги