Ҳиндстанның Тамиланд штаты Танжавур қаласында жабайы маймыллар жаңа туўылған егизек нәрестелерди урлап кетип, олардан бирин өлтирди. Бул ҳаққында «The Times of India» хабар бермекте.

Ҳәдийсе балаларды қысқа ўақыт қараўсыз қалдырғанда жүз берген: әкеси жумысқа кеткен, анасы болса ҳәўлидеги ҳәжетханада болған. Бир неше маймыл тамды тесип, ишке кирген ҳәм нәрестелерди алып кеткен. Шаўқымды еситкен ана үйине асыққан, бирақ ҳайўанлар әллеқашан қашып кеткен еди.

Ҳаял сыртқа жуўырып шығып, там басында егизеклерден бирин услап турған маймылға көзи түсти. Бир неше адам урланған нәрестеге жәрдем бериўге асықты, маймылды қуўды ҳәм баланы абайлылық пенен жерге түсирди. Тилекке қарсы, егизеклердиң екиншисин қутқарып қала алмады. Кейинирек сегиз күнлик нәрестениң денеси салмадағы суўдан шыққан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги