Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов 16-февраль күни Төрткүл районында болып, «Бағяп-1» каналын тиклеў жойбары менен танысты ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар менен ушырасты. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 24-марттағы «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбарын Жәҳән банкиниң қатнасында әмелге асырыў  илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жойбар қурамындағы  «Бағяп-1» каналын қайта тиклеў жойбарының улыўма баҳасы 9,951 миллион АҚШ долларын қурайды.

Бас бөлип алып ислеўши «China Railway 20th Bureau Group Co., Ltd.» болып, каналды қайта тиклеў жойбарында 1108 мың куб метр топырақ ҳәм 14,2 мың куб метр бетон жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Каналдың узынлығы 18,4 километр болып, секундына 35 куб метр суў өткериў қуўатлылығына ийе.

 

 

Соны айрықша атап өтиў керек, Төрткүл районы ҳәм оған жақын жайласқан аймақларда жер асты суўларының көтерилиўи нәтийжесинде келип шығатуғын унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде каналдың 5,7 километр бөлеги бетон менен қапланды. Сондай-ақ, каналда 4 суўды иркиўши гидротехникалық имарат, 17 суў алыўшы имарат, 2 автомобиль жолы көпири, 2 пиядалар өтиў көпири қурылмақта. Канал менен тәбийғый газ, электр узатыўшы линиялар, ишимлик суў тармағы ҳәм байланыс кабельлери кесиспелериниң реконструкция жумыслары даўам етпекте.

Республикамыз басшысы «Шорахан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Элбек Азиз» фермер хожалығында «Жаслар дәптери»не киргизилген жумыссыз жасларға жер ажыратыў илажына қатнасты. Фермер хожалығында бүгинги күни 8 жасқа 2,4 гектар жер майданы ажыратып берилди. Бул жерде жаслар менен сәўбетлесип, олардың алдағы режелери бойынша ортақласты.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов «Бунёдкор мерос» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылған «Оң жағалық магистрал каналын тазалаў» жумыслары ҳәм Түйемойын суў сақлағышында шор жуўыў мапазы ушын топланған суў запасы менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.