Дүйшемби күни Ирактың Курдистан регионындағы Ирбил халықаралық аэропортына жақын жерде ракета ҳүжиминиң шөлкемлестирилиўи АҚШты «ашыўландырмақта», деди Мәмлекетлик хаткер Антони Блинкен.

Мәлим болыўынша, бир пуқара ўақыя қурбаны болған ҳәм және бир неше адам жарақатланған. Олардың арасында америкалы әскерий хызметкерлер де бар.

«Биз қурбан болған пуқараның жақынларына, жаўызлыққа ушырап атырған гүнасыз Ирақ халқының ўәкиллерине, олардың шаңарақ ағзаларына кеўил билдиремиз», делинген Блинкенниң билдириўинде.

Курдлар қарамағындағы ярым автоном регионда жайласқан аэропорт ҳәм АҚШ әскерлери жайласқан база арасында үш ракета ушырылды.

АҚШ басшылығындағы коалиция ўәкилиниң сөзлерине бола, өлтирилген адам жалланба жумысты бөлип алып ислеўши болған. Ҳәзирше оның шахсы жәрияланбай атыр.

Курдистан Ишки ислер министрлигиниң билдириўинде де дәслепки тексериў тийкарында бир неше адам дене жарақатын алғаны айтылған. Тергеў процеси даўам етпекте.

 

ӨзА