Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өткен жылы әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров ҳәм басқа да қәнигелердиң атап өткениндей, өткен жыл даўамында 121,2 мың халықтың бәнтлигине жәрдемлесилип, 32,3 мың адам жумысқа орналастырылды. Соннан 58,4 мың адам жәмийетлик жумыcға, 1,2 мың адам аўыл хожалығы кооперативине, 3,3 мың адам үй қапталы қыйтақ жерине жумысқа тартылды. Буннан тысқары, 4,2 мың адамға жумыссызлық напақасы таярланған болса, 18,2 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилип, 1,9 мың адам кәсип-өнерге оқытылды. Бул илажларға Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры ҳәм Жәмийетлик жумыслар қоры қаржылары есабынан 71,6 миллиард сум ажыратылды.

 

 

Быйылғы жылы болса, 82,5 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, соннан 35,1 мың адам бос (вакант) жумыс орнына, 13,8 мың адам мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға орналастырылып, 3,2 мың адам 22 түрдеги кәсип, исбилерменлик ҳәм шет тиллерине оқытылады. Сондай-ақ, аўыл хожалығы, тигиўшилик ҳәм өнертментшилик кооперативине  4,2 миллиард сум, үй қапталы қыйтақ жерлерине 3 миллиард сум, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши жумыссыз пуқараларға мәмлекетлик дизимнен өтиў, исбилерменликке оқытыў ҳәм кредит алыўда қамсызландырыў полиси төлеми ушын 529 миллион сум субсидия ажыратыў режелестирилген.

-Усы жылдың апрель айында пайдаланыўға тапсырылыўы белгиленген «Жумысқа мәрҳәмат» моноорайында жәми 19 кәсип ҳәм 3 шет тили бойынша оқыў курсы шөлкемлестириледи,-дейди министрликтиң Кәсипке оқытыўды шөлкемлестириў секторының баслығы Рустем Қалжанов.-Нәтийжеде жылына 1,5 мың пуқараны оқытыў имканиятына ийе боламыз.

Әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда өткен жылы халықты жумыс пенен тәмийинлеў, жәмийетлик жумысларға тартыў, ажыратылған субсиялардан ақылға уғырас пайдаланыў ҳәм басқа да мәселелерде бир қатар кемшиликлердиң орын алғанлығы атап өтилди.

 

 

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер министрликтиң басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.