Аўыл хожалығы тараўында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды өзи  жасайтуғын аймақтағы тәжирийбели дийқан фермерлерге аталыққа бекитиў арқалы тәжирийбесин еле де арттырып  дәраматын көбейтиў  мақсетинде  республикамыздың барлық аймақлары бойлап жумыссыз жасларға аўыл хожалығында пайдаланыў ушын егислик жерлер ажыратылмақта.

Жақында Шоманай районындағы  «Дийқанабад» ҳәм «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы «Жаслар дәптери»не дизимге алынған 15 жасқа 1 гектердан жер ажыратыў илажы болып өтти.

 

 

 

 

Оған район ҳәкими Б.Янгибаев, район прокуроры М.Оразбаев, Халық қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахмановлар қатнасып, аймақ жасларына жерден пайдаланыў бойынша шәртнамаларын тапсырды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.