Шымбай районы орайындағы «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жас исбилермен Жәнибек Пирниязов тәрепинен қурып питкерилген «Жаслар мийнет гүзары»ның ашылыў мәресими болып өтти.

 

 

Онда район ҳәкими Айбек Тажетдинов  аймақ жасларын жаңа имараттың иске түсирилиўи менен қызғын қутлықлап, бүгинги күни елимизде жаслардың билим алыўы ҳәм сол арқалы заман талабына сай кәсип-өнер ийелеўи ушын жаратылып атырған шараятлар жөнинде илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып өтти.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, «Жаслар келешегимиз» қоры арқалы исбилерменге берилген 500 миллион сум жеңиллетилген  кредит есабынан бул комплекстиң қурылыс жумыслары басланған еди. Ал бүгинги күни болса, бул Мийнет гүзарында дәрихана, шаштәрезхана, шайхана ҳәм автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў шақапшалары шөлкемлестирилип, оларда усы аймақта жасаўшы 11 жумыссыз жастың бәнтлиги тәмийинленди.

-Алдағы ўақытлары имараттың екинши қабатынан шет тиллерин үйрениў орайын ашыўды режелестирип қойыппан. Бунда және де үш жастың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленеди ,-дейди исбилермен  Жәнибек Пирниязов.

 

 

Илаж даўамында қатнасыўшылар Мийнет гүзарының имканиятлары менен танысып, бул бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан агентлиги хабар