Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ишлер министрлиги өз қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери менен биргеликте  пуқара А.Қ. ның арзасына муўапық өткерилген оператив илаж даўамында жумысқа орналастырыў ушын 4500 АҚШ долларын талап еткен пуқара усланды.

Мәлим болғанындай пуқара А.А. арза ийесиниң исенимине кирип, таныслары арқалы Ишки ислер уйымларына жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен. Алдын ала келисим бойынша  Нөкис қаласы пуқаралар жыйынының биринде оннан талап етилген 4500 АҚШ долларын алып атырған ўақытта усланды. Оннан химиялық жақтан қайта исленген 4500 АҚШ доллары айғақлы зат ретинде алынды.

Жоқарыдағы жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен пуқара А.А. қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.