Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы  Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының телекоммуникация технологиялары  ҳәм кәсиплик тәлим факультетиниң студенти Перийзат Кеңесбаева, компьютер инжиниринги факультети студенти Фаррух Ахунов ҳәм филиалдың академиялық лицейи оқыўшысы Шахноза Әскербаева Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары  ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2020-2021-оқыў  жылы ушын арнаўлы  стипендиясын алыўға еристи.

Министрликтиң стипендиясына оқыўда, илимий излениўде, жәмийетлик турмыста жетискенликке ерискен жаслар мүнәсип деп табылады.

Стипендияның муғдары Ташкент информациялық технологиялары университети ҳәм оның филиаллары студентлери ушын  ең кем мийнет ҳақының 5 есеси, ал академиялық лицей оқыўшылары ушын 2 есеси деп белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги