Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 2-санлы шаңарақ поликлиникасы 50 мыңға шамалас халыққа медициналық хызмет көрсетеди. Бүгинги күнде ҳаял-қызлар саны 24342 болса, соннан туўыў жасындағылар 14577ни қурайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналар, балалар ҳәм жас өспиримлердиң саламатлығын қорғаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, ана ҳәм баланың репродуктивлик саламатлығын арттырыў бойынша жергиликли мәкан пуқаралары жыйынлары менен биргеликте кең халық массасы арасында түсиник жумыслары алып барылмақта. Туўыў жасындағы ҳаяллар толық диспансерлик тексериўден өткерилип, саўалландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

 

 

Усы жыл 1-февральдан баслап Нөкис қаласы медициналық бирлеспеси көп тармақлы поликлиникасының тәжрийбели гинекологи ҳәм кольпоскописти Саёра Ешмуратованың басшылығында жатыр мойны раги кеселлигиниң алдын алыў, жатыр мойнындағы патологиялық өзгерислерди ерте басқышта анықлаў мақсетинде гинекологиялық кеселликлер менен есапта турыўшы қәўип топарындағы ҳәм 30-55 жастағы ҳаяллардың скрининг илажлары өткерилмекте. Скрининг барысында ҳаяллар кольпоскопия аппараты жәрдеминде онкоцитологиялық тексериўден ҳәм гинеколог тексериўинен өткерилмекте.

 

 

– Бундай илажларды өткериўдеги мақсетимиз, ҳаяллар ҳәм аналардың денсаўлығын ойлаў арқалы келешек әўладымыз болған перзентлердиң саламат дүньяға келиўин тәмийинлеген боламыз. Себеби саламат анадан, саламат перзент дүньяға келеди,-дейди Нөкис қаласы медицина бирлеспесине қараслы 2-санлы шаңарақлық поликлиникасының бас шыпакери Фарида Махмудова.

 

 

Өткерилген тексериў даўамында патологиялық өзгерислер анықланған ҳаяллар диспансерлик есапқа алынып, оларды емлеў жумыслары алып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.