USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖИЗЗАҚ ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАРЫ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

 

Президент Шавкат Мирзиёев 15-февраль күни Жиззақ ўәлаятының инвестициялық жойбарларының презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз  басшысына бул ўәлаятта усы жылы әмелге асырылатуғын 515 жойбар ҳаққында мағлыўмат берилди. Жойбарлардың улыўма баҳасы 35 триллион 500 миллиард сум. Олардың нәтийжесинде жылына 25 триллион сумлық өним таярлаў қуўатлылығына ийе жаңа кәрханалар, дерлик 23 мың жумыс орны шөлкемлестириледи. 264 миллион долларлық импорттың орнын басыў және 311 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.

Жиззақ ўәлаятында қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы ҳәм тоқымашылық санааты және аўыл хожалығы тармақлары үлкен потенциалға ийе. Жойбарларды қәлиплестириўде бул тараўлар «драйвер» сыпатында белгилеп алынған.

Мәселен, қурылыс материаллары санаатында 8 жойбар режелестирилген. Олардан бири – базальт талшығы ҳәм оннан ҳәр қыйлы материаллар ислеп шығарыўға қаратылған. 723 миллиард сумлық бул жойбар ушын бүгинги күнде жер ажыратылған. Кәрхана быйыл үшинши шеректе иске қосылып, 205 жумыс орнының ашылыўы мөлшерленген.

 

 

 

 

Сондай-ақ, жоқары маркалы цемент, бетон плиталар, арматуралар, геосеткалар ислеп шығарыў бойынша да перспективалы жойбарлар бар.

Автомобиль санаатында да жойбарлар нәзерде тутылған. Мәселен, микроавтобус, коммерциялық ҳәм жүк автомобильлерин ислеп шығарыў бойынша жойбар ишки базар ушын оғада зәрүр. Бул кәрхана усы жылдың ақырында пайдаланыўға тапсырылып, 500 адам жумыс пенен тәмийинлениўи режелестирилген.

Жиззақ қаласында шөлкемлестирилетуғын тоқыўшылық комплекси жергиликли шийки затты терең қайта ислеў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыўда үлкен орын ийелейди. 39 миллион долларлық бул кәрхананың қурылысы быйыл жазда басланып, келеси жылы иске қосылады.

Таўлы аймақларда дәрилик өсимликлерди жетистириў, оларды қайта ислеп, экспорт етиў мәмлекетимиз басшысы көрсетип берген үлкен имканиятлардан бири. Бүгинги күнде елимизде бул тараўға қәнигелескен 7 кластер жумыс ислемекте. Атап айтқанда, «BMB Trade Group» кластери тәрепинен Бахмал районында шафран жетистириў ҳәм қайта ислеў жолға қойылмақта. 30 миллион доллардан аслам баҳадағы бул жойбар нәтийжесинде 200 адам жумыслы болады.

Сондай-ақ, аўыл хожалығында шарўашылық, қусшылық, гөш ҳәм сүтти қайта ислеў, жипек гезлеме ислеп шығарыў сыяқлы бир неше жойбарлар мөлшерленген.

Презентацияда усы жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги, қаржыландырыў дәреклери ҳәм инфраструктура мәселелери додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятының потенциалы буннан әдеўир үлкенлигин, көплеген ири жойбарларды әмелге асырыў мүмкин екенлигин атап өтти. Тоқымашылықта локализациялаўды тереңлестирип, таяр өнимлер ислеп шығарыў, жаңадан өзлестирилип атырған жерлерде талап жоқары мийўе-овощлар жетистирип, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, жер асты байлықларын өзлестириўге сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

 

 

 

ӨзА