Жаңа смартфонлардағы барлық программалар толық ислесе де, пайдаланыўшылар соған қарамастан жаңаларын жүклеп алыўға ҳәрекет етеди. Бирақ олардың пайдасынан зыяны көп екенлиги ҳаққында ҳәмме де биле бермейди. Төменде әне усындай программалар ҳаққында.

1.«GetContact» ҳәм «Truecaller» сыяқлы қоңыраўларды анықластыратуғын программалар. Олар белгисиз номерден қоңыраў еткен адамның атын анықлаў керек болғанда пайдалы болып табылады. Бирақ, тап усындай тәризде, сизиң атыңыз ҳәм номериңизди де жәриялайды. Соның менен бирге, олар сизиң мәнзиллер дәптериңизди үйренип шығып, мағлыўматлар базасына қосыў ушын ол жерден барлық мағлыўматларды нусқалайды.

2.Батарея қуўатлылығын үнемлеўге мөлшерленген программалар. Әдетте олар қуўатлылық дәрежесин көрсетип, сыйқырлы түймешени басыўды усыныс етеди. Бирақ, бул ҳеш қандай нәтийже бермейди. Ең жақсы жағдайда аўыр программалар ядтан өшириледи, олар тез арада және жүкленеди ҳәм оннан да көбирек система ресурсларын жумсайды.

Буннан тысқары, бундай программаларда көбинесе реклама көрсетиледи. Бул пайдаланыўшыдан артықша Интернеттиң жумсалыўына себеп болады. Сондай екен,  батарея менен ислесиў ушын стандарт операциялық система қуралларынан пайдаланған жақсырақ болып есапланады.

3.Ядты тазалайтуғын қураллар. Олар батареялардың «күшейттириўшилери» менен дерлик бир түр жумысты орынлайды. Бир қанша ўақыт RАМда ҳақыйқаттан да көбирек орын көринеди, бирақ бул тәсир оғада қысқа мүддетли болып есапланады.

4.Шырақлар ҳәр қандай мобиль операциялық системаға орнатылады. Соның ушын басқасын жүклеп алыўдың пайдасы жоқ. Олардың көпшилиги мәнзиллер китабы, қоңыраўлардың дизими, SМS ҳәм басқа бөлимлерге кириўди талап етеди.

5.14 кодлары ҳәм ҳүжжетлер сканерлери. Бириншиден, олар камера программасына ҳәм «Google Drive»қа бирлестирилген, екиншиден, жақында бул программалардың биринде зыянлы функциялар анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги