Республикамыз  аймағында  улыўма пайдаланыўдағы  автомобиль жоллары  ҳәм  көшелерге  ҳәрекет қәўипсизлигин  тәмийинлеў мақсетинде, жанып өшип турыўшы мигалка  орнатыў жумыслары  алып барылмақта.

Бул ҳаққында  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының Баспасөз хызмети хабар бермекте.

Республикамыздың  барлық қала ҳәм районларына усындай 73 дана  мигалка орнатылған. Бул мигалкалар  Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған.

 

 

Мигалкалары орнатыўдағы тийкарғы мақсет – жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў,  сондай-ақ, транспорт қуралларының тезлигин пәсейтиў, соның менен бирге, айдаўшылардың түнги ўақытлары  уйықлап кетпеўи және сергеклигин арттырыўдан ибарат.

Бүгинги күнге шекем, Нөкис қаласына 10, Нөкис районына  3, Тақыятас районына 3, Хожели районына 5, Қанлыкөл районы 3, Шоманай районына 3, Қоңырат районына 6, Мойнақ районына 2, Кегейли  районына 4, Шымбай районына 4, Қараөзек районына 4, Тахтакөпир районына 2, Бозатаў районына  2, Төрткүл районына 6, Елликқала районына 5, Беруний районына  6 ҳәм Әмиўдәрья районына 5 дана мигалкалар тарқатылып, авариялық жағдайлар  көп ушырасатуғын  және  пиядалар өтиў жолларына орнатылды.

 

 

Бул үскене қуяш нуры арқалы  өзине энергия алып,  24 саат даўамында үзликсиз ислеп турыў имканиятына ийе.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы