1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстанда болып өткен әскерий ҳәрекетлерге Қарақалпақстан Республикасынан улыўма 3580 жаўынгер әскерлер қатнасты.

 

Буннан саррас 32 жыл бурын усы әскерий ҳәрекетлер жуўмақланып, өз әскерий миннетин өтеп атырған ер азаматлар елимизге қайтарылды.

Бүгин, 15-февраль күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Аўғанстанда болып өткен әскерий ҳәрекетлерге қатнасқан жерлеслеримиз, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.

 

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң қатнасыўшылары болған жаўынгер-ветеранлар қатнасты ҳәм «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңберлер қойып, ҳүрмет көрсетти.

Илажда Аўғанстанда өз әскерий миннетин өтеў ўақтында қайтыс болған жерлеслеримиз ҳәм олардың мәртлик ҳәрекетлери еске алынды.

 

Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында жаўынгер-ветеранлар ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Орынларда жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетиў, олардың жумыс ислеўи ҳәм басқа да хызметлери ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, қайтыс болған жерлеслеримиздиң шаңарақ ағзаларының ҳалынан хабар алыў сыяқлы ийгиликли жумыслар даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.