13-февраль күни Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәжилис болып өтти.

 

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм депутатлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

 

Мәжилисте район ҳәкиминиң Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына Абылбаев Ислам Женгисбаевич тайынланған болса, район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Өтемуратов Ахмет Пердебаевич тайынланды.

Мәжилис жуўмағында жыйналғанларға тайынланған ҳәким орынбасарларының мийнет жолы кеңнен таныстырылды, деп хабар бермекте Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.