Өзбекстан экономикалық ассамблеясы өзинде 12 жергиликли алдынғы ассоциация ҳәм миллий орайды бирлестиреди.

Шөлкемниң  тийкарғы мақсети – республикамыздың экономикалық турмысындағы реформаларда, нызамшылық ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларда мәмлекетлик емес бизнес сектор ўәкиллериниң қатнасығын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың жергиликли және халықаралық майдандағы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, исбилерменлердиң жумысындағы мәселелерди жоқары арбитраж суды, медиа орай, исбилерменликке таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша бизнес академия, халықаралық базарларға шығыўға мөлшерленген  электрон платформа және бөлимлери өз бағдары шеңберинде исбилерменликке хызмет көрсетеди.

Ассамблея бағдарламасында халықаралық экономикалық  қатнасықларды раўажландырыў, көргизбе ҳәм бизнес форумлар шөлкемлестириў  бойынша жумыс алып барыўы да белгиленген. Буннан тысқары, миллий брендлер жаратыў, маркетинг, менеджмент ҳәм бизнес шеңбериниң ўәкиллери ушын кәсиплик байрамларын шөлкемлестириў оның жумыс шеңберине киреди.

Экономикалық шөлкем мәмлекетке инвестициялар тартыў менен бирге, жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз ушын сырт ел базарларын турақлы үйренеди ҳәм таллаўлар алып барады. Бир ўақыттың өзинде шерик мәмлекетлерде өзбек өнимлери ушын шоу-румлар шөлкемлестириў менен шуғылланады.

ӨзА