Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Нөкис вино заводы» акционерлик жәмийетиниң мүрәжаты бойынша Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында жасырын цехта жасалма усылда алкоголь өнимлери ислеп шығарылып атырғаны мәлим болды.

Атап айтқанда, пуқаралар С.Х. ҳәм Қ.Д. қәлпеки акциз маркалары желимленген, 0,5 литр сыйымлылықтағы 300 дана қәлпеки усылда қадақланған «Қаратаў» арағын қарыйдарға 4,6 миллион сумға сатып атырғанында усланды. Бул арақлар пуқара Қ.Д.ның үйиндеги жасырын цехта таярланғаны мәлим болды. Сондай-ақ, оның үйинен және 107 дана жасалма усылда таярланған алкоголь өними, оларды ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм басқа да затлар айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша пуқаралар С.Х. ҳәм Қ.Д. лардың қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.