2021-жылдың 1-январь жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны 1 миллион 923 мың 800 адамды қурап, 2020-жылдың басынан берли 25,5 мың адамға (1,3% ке) көбейген. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.

 

Халық санын Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде алып қарағанымызда 2021-жылдың 1-январь жағдайы бойынша:

 

Нөкис қаласы – 324 мың;

Әмиўдәрья районы – 201,3 мың;

Беруний районы – 194,5 мың;

Бозатаў районы – 21,8 мың;

Қараөзек районы – 53,3 мың;

Кегейли районы – 73,2 мың;

Қоңырат районы – 131,6 мың;

Қанлыкөл районы – 51,7 мың;

Мойнақ районы – 32,3 мың;

Нөкис районы – 51,1 мың;

Тақыятас районы – 74,7 мың;

Тахтакөпир районы – 40,4 мың;

Төрткүл районы – 217,7 мың;

Хожели районы – 124,3 мың;

Шымбай районы – 113,4 мың;

Шоманай районы – 56,6 мың;

Елликқала районы – 161,9 мың адамды қураған.

 

Туўылыў коэффициенти 2020-жылда Елликқала (23,9), Беруний (23,5) ҳәм Әмиўдәрья (23,1) районларында ең жоқары көрсеткишке ерискен болса, Шоманай (15,3), Тахтакөпир (15,9), Бозатаў (17,0) ҳәм Тақыятас (17,3) районларында төмен көрсеткиш дизимге алынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.