Россиялы эндокринолог Екатерина Трошина адамда өзине болған исенимсизлик сезимин туўдырыў мүмкин болған дофамин жетиспеўшилигине қарсы гүресиўде жәрдем беретуғын азық-аўқат өнимлерин мәлим етти. Бул ҳаққында ТАСС хабар бермекте.

Шыпакер айырым гормонлар муғдары азайып кеткенде адамлар өзлерин бахытсыз сезиўи ҳәм жетерли дәрежеде сүйикли болмаўы себебин түсиндирип берди. Мәселен, дофамин пикирлесиўден заўықланыў сезимин шақырады, итибарыңызды белгили бир адамға қаратады ҳәм оған эмиционал жыллылық оятады. Бул элемент жетиспегенде болса адамда өзине исеним сезими жоғалады ҳәм углеводларды пайдаланыў тилеги пайда болады.

Гормонлар, соның ишинде, дофамин, серотонин, окситоцин муҳаббат, бахыт ҳәм сезимлердиң биологиялық қурам бөлеклери ушын жуўапкер. Бирақ олардан бириниң азайыўы адам өзин жетерли дәрежеде жақсы көрмеўине, бахытсыз сезиўине алып келиўи мүмкин.

Дофамин жетиспеўшилигиң алдын алыў ушын қәниге авокадо ҳәм балық жеўди мәсләҳәт береди.

«Сыр, шоколад, әнжир, қурма, помидор, сүт кейпиятты көтереди. Себеби, олардың қурамында серотонинниң ўазыйпасын атқарыўшы – триптофан бар, – деп түсиндирди ол. – Буннан тысқары, цитруслар, банан, қулпынай, ананас, смородинаны «бахыт өнимлери» деп атаў мүмкин.

Окситоцинниң муғдарын арттырыў ушын болса тек ғана қушақласыў жетерли, дейди ол.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги