Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Илажда қатнасыўшылар айрықша жағдайлар басқармасы техникаларының көргизбеси менен танысты.

Баспасөз конференциясында басқарма баслығы А.Давлетов, басқарма ҳәм оның бөлимлеринде 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, өткерилген илажлар және республикамыздағы айрықша жағдайлар бойынша  мағлыўмат берди.

 

 

Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында республикамыз бойынша орынларда 633 өрт пайда болған. Өртлер алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 11,5 процентке азайған. Деген менен, усының ақыбетинде 4 пуқара набыт болған, 5 пуқара өрттен күйиўи, 2 пуқара түтиннен зәҳәрлениўи себепли емлеўханаларға түскен.

Өрт себепли жеткерилген материаллық зыян 6 миллиард 342 миллион 971 мың 606 сумды қурайды.

Ең ашынарлысы, 24 өрт қастан от қойыў ҳәм өз-өзине от қойыў себепли келип шыққан. Сондай-ақ, электр қурылмаларынан пайдаланыў  қағыйдаларының бузылыўы, ысытыў қазанларын қурыў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларының бузылыўы, ашық жалыннан пайдаланыўдағы итибарсызлық, балалардың жалын менен ойнаўы, технологиялық ҳәдийселер себепли де көплеген өртлер келип шыққан.

 

 

Атап айтқанда, 10 өрт өндирислик цехларда, 5 өрт қоймахана, 6 өрт саўда-сатық кәрханалары имаратларында, 4 өрт аўыл хожалығы ушын белгиленген имаратларда, 2 өрт объектлер менен қурылмаларда, 64 өрт ашық сақланатуғын аўыл хожалығы мүлклеринде, 40 өрт транспорт қуралларында пайда болған. Өртлердиң 496сы пуқаралардың жасаў сектор имаратларында болған.

Конференцияда айрықша жағдайлардың алдын алыўда бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

 

 

Конференция қатнасыўшылары, өртлердиң саны өсип кеткен районлардағы жумыслар, каналларда балалардың қыста шана айдап, жазда шомылып суўға кетиўиниң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған профилактикалық илажлар, пуқаралар тәрепинен турақ жайларының көше тәрепин қурылмалар менен қоршап алыўы ақыбетинде пиядалар жолының жабылып қалыўы себепли жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери