USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САМАРҚАНДТЫҢ ТУРИЗМ ПОТЕНЦИАЛЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТ БЕРИЛДИ

 

Президент Шавкат Мирзиёев  11-февраль күни Самарқандтың туризм потенциалын, соның ишинде, зыярат туризмин раўажландырыўға байланыслы презентация менен танысты.

Быйылғы жыл 9-февраль күни мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Онда туризм өнимин ҳәм хызметлерин диверсификациялаў, транспорт жөнелислерин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў, туристлерге қолайлы шараятлар жаратыў мақсетлери белгиленди.

Бул бағдарда Самарқандтың потенциалы оғада жоқары. Сонлықтан усы ўәлаятта туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша комплексли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Самарқанд районында туристлик орай шөлкемлестирилмекте. Бул гөззал орайда 8 заманагөй мийманхана, ири әнжуманлар залы, ресторанлар, парк ҳәм дем алыў орайлары болады.

 

 

 

Бул туристлик орайды Самарқанд халықаралық аэропорты, темир жол вокзалы, Имам Бухарий мақбарасы, Регистан майданы ҳәм басқа да дыққатқа  ылайық жерлер менен байланыстыратуғын көшелер оңланбақта.

Самарқанд қаласының туризм потенциалын раўажландырыў мақсетинде 10 жаңа мийманхана қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы презентация менен танысып, транспорт, жол ҳәм коммуникация тармақларын раўажландырыў, Самарқанд қаласын абаданластырыў, саўда ҳәм хызметлерди кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.

 

 

 

 

 

ӨзА