Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды. Бул Мәмлекетлик бағдарлама Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жылдың 29-декабрь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында  көрсеткен тийкарғы идея ҳәм усыныслар және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар тийкарында ислеп шығылған.

Бағдарламада Елбасшымыз алға қойып атырған басламалар, әмелге асырып атырған кең көлемли реформалар, билимлендириў ҳәм тәрбия процессин  түп-тийкарынан реформалаў бүгинги күнниң әҳмийетли  мәселеси сыпатында атап өтер екен, педагог кадрларға илим-мәрипатлы келешек әўладты тәрбиялаўдай үлкен жуўапкершиликти  жүклейди. Соның ишинде, тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин енгизиў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың  тийкарғы үстинлери болыўы зәрүрлигин айрықша атап өтип, жоқары билимлендириў системасында төмендеги мәселелерге итибар қаратылды. Жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизиледи. Сондай-ақ, жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың саны 25 процентке және мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грантлардың саны 2 есеге  арттырылады. Сондай-ақ жеке жоқары билимлендириў мәкемелеринде  қәнигелерди  таярлаўға   мәмлекетлик грант бериў системасы енгизиледи. Итибарлы тәрепи, усы жаңалық тек жасларымыздың билимлендириў менен  қамтып алыныў дәрежесин арттырыў емес, ал гендер теңлигин тәмийинлеген ҳалда, умтылыўшаң, зийрек қызларымызға  билим алыў имканияты жаратылады. Әлбетте, ҳаял адамның билимли болыўы перзентлердиң тәлим-тәрбиясы, физикалық ҳәм руўхый жетискенлигине  үлкен тәсир өткереди. Бул болса мәмлекетимизде кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, экономикалық ҳәм социаллық тараўды жоқары тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Әсиресе, «Эл-юрт умиди» қоры арқалы абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге  арттырылады. Бул болса, абырайлы сырт елли жоқары билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиў, олардан топлаған билимлерди мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын қолланыўға айрықша итибар қаратылады.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик бағдарламада 2021-жылы 22  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратлары, 31  жаңа мектеп ҳәм 16  жоқары билимлендириў мәкемелериниң объектлерин қурыў жумысларын әмелге асырыў белгиленди. Буннан келип шығып соны айтыўымыз мүмкин,  бул оқыўшыларымыздың заман талапларына сай түрде үскенеленген  заманагөй билимлендириў мәкемелеринде   билим алыўы және жасларға көрсетилип атырған итибардың бир бөлеги есапланады.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде жаслар мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Бүгинги Өзбекстан жаслары хылқымыздың бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын, талапшаңлық, мийнеткешлик, ўатансүйиўшилик сыяқлы ийгиликли дәстүрлерин өзинде көрсетип, жәмийетимизде мүнәсип орын ийелемекте. Сонлықтан елимиздиң жасларына  жаратылған шараятлар, кең көлемли имканиятларға, олар ерисип атырған жетискенликлерге көпшилик, атап айтқанда, дүнья жаслары ҳәўес пенен қарамақта.

 

Мухтар Ибрагимов,

Олий Мажлис Нызамшылық

 палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги