ямаса дийдиленген зүрәәтти топлаўдағы ислениўи тийис ўазыйпалар

 

 Халқымызда «дийқандики жылда әрман», деген гәп бийкарға айтылмаған. Себеби, дийқанларымыз көп жыллардан берли биздеги тәбият қыйыншылықлары менен гүресип келген. Бәҳәрдеги күшли нөсер жаўынлар себепли көпшилик майданларда қайта егис алып барыўына туўры келсе, буршақ ҳәм күшли самал тәсири күтилген зүрәәтти алыўға кери тәсирин тийгизип келген.

Кейинги жылларда жүз берип атырған ықлым өзгерислери себепли бул факторлар, яғный, қыс айларының қәҳәрли, суўық болып келетуғын күнлери азайды. Бәҳәрдиң ерте, ашық-жарық келиўи атыз жумысларын алып барыўға, егисти ерте бәҳәрден баслап, гүзде ерте жыйнап алыўға қолайлы келмекте.

Деген менен, дийқанларымызға ықлым өзгериси себепли келип шыққан басқа бир қыйыншылық кесент етпекте. Атап айтқанда, соңғы жыллардағы суў тамтарыслығы, аўыл хожалығы өнимлеринен күтилген зүрәәтти алыўда қыйыншылықларды жүзеге келтирмекте.

 

 

Солай болса да, республикамыздың халық хожалығының раўажланыўында аўыл хожалығы тараўы жетекши орында туратуғынлығы ушын бул жумысларға үлкен итибар қаратылмақта.

Аўыл хожалығы тараўында, биринши гезекте дийқанларымызды қызықтыратуғын факторлардың бири – бул республикамызда 2021-жылдың суўғарыў мәўсиминде күтилип артырған суў муғдарлары.

– 2020-жылдың октябрь-декабрь айларында жаўған жаўын-шашынлар менен қарлардың муғдарының көп жыллық нормадан 70-75 процент әтирапында болыўы болжанбақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң суў ресурсларының балансы, гидрометрия ҳәм     орайлық диспечерлик бөлиминиң баслығы У.Оразымбетов.

Қарақалпақстан Республикасының суў тәмийнаты бул Әмиўдәрья бассейниндеги қоңсылас мәмлекетлер аймағында жайласқан ири суў сақлағышлардан, яғный, «Нүрек» ҳәм «Түйемойын» суў сақлағышында топланған суў запаслары менен тығыз байланыслы.

 

 

Тилекке қарсы, бул еки суў сақлағышта суў запаслары өткен жыллар менен салыстырғанда сезилерли дәрежеде аз топланған.

Ҳәммемизге белгили, республикамызда егислик майданлардың көпшилиги ҳәр қыйлы дәрежеде шорланған жерлерде жайласқанлығы себепли дийқаншылықтан дийдилеген зүрәәтти алыў ушын гүз-қыс ҳәм бәҳәрги дәўирлерде жерлердиң шорын жуўыў ең зәрүр агротехникалық қәделердиң бири болып есапланады.

Быйылғы жылда суў сақлағышларда жетерли суў топланбағанлығы себепли, гүзги шор жуўыў жумыслар дерлик алып барылмай, жерлердиң шорын жуўыў жумыслары қубла аймақта – Төрткүл ҳәм Елликқала районларында 2021-жыл 11-февральда басланды. Ал, арқа районларда 16-февралдан басланыўы режелестирилмекте.

Бул мақсетлер ушын «Түйемойын» суў сақлағышынан 11-февральдан баслап «Оң жағалық» каналына секундына 40 метр куб, Әмиўдәрьяға секундына 550 метр куб муғдарында суў ашылды.

 

 

Әмиўдарьяның «Түйемойын» гидропостының төменги бөлиминен суў алатуғын Түркменстан Республикасының Ташаўыз ўәлаяты, қоңсылас Хорезм ўәлаятының районлары ҳәм республикамыздың Беруний ҳәм Әмиўдарья районларының хожалықлары ушын есап-китаплар бойынша тийисли суў муғдарлары (белгиленген лимиттен 70 процент әтирапында) жеткерилип, Тақыятас гидроузели алдынан секундына 170 метр куб суў келиўи күтилмекте.

Республикамыздың суўғарыў системаларының аралықлары узақ және үлкен суў муғдарларына мөлшерленгенлиги себепли, бул суўларды барлық магистрал каналларға теңдей бөлип жеткериў арқалы суўдан пайдаланыўдың коэффициенти бир-қанша төменлеп кетиўи күтилмекте.

Сонлықтан, магистрал каналлар арқалы районларға гезек пенен суў бериў графиклари ислеп шығылды.

Дәслепки есап-китаплар бойынша биринши гезекте, 16-28-февраль аралығында «Дослық» магистрал каналы арқалы, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларына, «Анасай» магистрал каналы арқалы Нөкис ҳәм Бозатаў районларына белгиленген график тийкарында суў жеткерип берилсе, екинши гезекте, яғный 2-17-март күнлери аралығында «Сүўенли» системасы арқалы Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына суў жеткерип бериў нәзерде тутылған.

Буннан көринип турғанындай, районларда қысқа мүддетлерде биринши гезекте шоры жуўылыўы тийис майданларда шор жуўыў жумыслары менен бир қатарда гүзлик бийдай майданларын суўғарыў жумыслары да әмелге асырылыўы керек болады.

 

 

Бул жумысларды қысқа мүддетлерде әмелге асырыў мақсетинде, барлық суў тутыныўшыларынан суўшылардың санын көбейтип, жумысларды еки сменада шөлкемлестириў, атызларды шор жуўыўға сапалы таярлаў, суў жолларын тазалаў ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў арқалы жеткерип берилген суў муғдарларынан нәтийжели ҳәм өнимли пайдаланыў талап етиледи.

Сондай-ақ, быйылғы жылда күтилип атырған суў тамтарыслығы ақыбетлерин жумсартыў менен бир қатарда, шор жуўыў мәўсиминде ҳәр жылғыға салыстырғанда 500 миллион куб метр, өсиў дәўиринде 2 миллиард куб метр суў муғдарларын үнемлеў арқалы басқа да тармақларды және қосымша айланысқа киргизилиўи режелестирилген егислик жер майданларын турақлы түрде суў менен тәмийинлеўге ерисиўимиз зәрур.

Быйылғы жылда аўыл хожалығында күтилген өнимди топлаўға ерисиў ушын төмендеги  илажларды әмелге асырыў талап етиледи.

Биринши гезекте, барлық суў тутыныўшылары ҳәм тийисли шөлкем қәнигелери аўыл хожалығы егинлерин суғарыў системаларының суў тәмийнатынан келип шығып, олардың дурыс жайластырылыўы үлкен әҳмийетли орында турады.

Сондай-ақ, суў үнемлеўши технологияларды кеңнен қолланыў, суўды көп талап ететуғын егинлерди суўғарыўда интенсив усыллардан пайдаланыў зәрүрлиги, бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм тийисли бағдарламалардағы тапсырмалар баслы ўазыйпа етип белгиленген.

Соның менен бирге, суўғарыў тармақларын, суўларды басқарыў қурылмаларын, суў алынатуғын сағаларды толық саз ҳалда сақлап, суўларды белгиленген тәртипте, яғный, талапнама тийкарында тараў қәнигелериниң рухсаты менен пайдаланылса, барлық тутыныўшылар арасында суўдың әдил бөлистирилиўине ерисиледи.

Сонлықтан, быйылғы, суў тамтарыслығы күтилип атырған жылда, барлық суў тутыныўшыларын, тийисли тараў қәнигелерин оғада шешиўши илажларды аўызбиршиликте әмелге асырыўда белсендиликке шақырамыз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.