Быйылғы жылы 200 гектар жерге мийўе бағын жаратыўды режелестирген Хожелиши дийқан фермерлер ҳәзирги күнлери ҳәр бир күннен нәтийжели пайдаланып, нәл тигиў жумысларын баслап жиберди.

-Усы жылдан баслап Хожели тийкарынан бағшылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен районға айланбақта,-дейди бизге районлық аўыл хожалығы бѳлиминиӊ қәнигеси Фархад Абдуллаев.-Атап айтқанда район бойынша 127 гектар жерге алма, 17 гектарға ерик, 39 гектарға алмурт, 10 гектарға шабдалы ҳәм 7 гектарға қәрели егиў режелестирилмекте.

Бағшылық ушын «Саманкѳл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Хожели» ҳәм «Айбек» массивлеринде жайласқан фермер хожалықларыныӊ жерлери таӊлап алынды. Фермерлер  тийкарынан мийўе нәллерин Ташкент, Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Елликқала, Кегейли, Нѳкис районларынан сатып алып келмекте.

 

 

Хожели районында бурыннан  бағшылық пенен шуғылланатуғын фермерлер де бар болып, олар арасында «Инвестор Хожели» фермер хожалығыныӊ баслығы Бахтияр Юсуповты  атайы бағман сыпатында кѳпшилик жақсы таныйды.

-Хожалығымыз 1995-жылы шѳлкемлестирилип, мине 26 жылдан бери базарымызды ѳзимиз жетистирген алма, алмурт, қәрели, шабдалы, шийе, бийи, алша ҳәм жүзим менен толтырып атырмыз. Сондай-ақ, мийўе ағашлары арасына овощ-палыз ҳәм бийдай егип хожалық ағзаларын сапалы ѳнимлер менен де тәмийинлеп атырмыз. Ҳәзирги күнлери болса, хожалығымызда қартайған мийўе ағашларыныӊ орнына жаӊа түрдеги нәллерди тигиў жумыслары қызғын алып барылмақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.