Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте  студент-жаслар арасында  «Жалаладдин избасарлары» атамасында әскерий спорт жарысы өткерилди.

 

 

 

Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет –  жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың мәнаўий ҳәм физикалық жақтан таярлығын, сондай-ақ, басқа жасларға өрнек болыўын ҳәм Қураллы Күшлер қатарына хызмет етиўге қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Жарысқа университеттиң 9 факультетинен дүзилген командалардың ҳәр биринде  7 студент қатнасты. Жарыс «Әскерий ҳәм физикалық таярлық», «Әскерий билим ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық» басқышларында өткерилди.

Жарыстың биринши басқышы  «Нөкис» дала-оқыў майданында өткерилип, таңлаў қатнасыўшылары командалық тәртипте тосықлардан өтиў ҳәм узақ аралыққа жуўырыў, мергенлик, әскерий эстафета сыяқлы шәртлер бойынша өзлериниң физикалық шаққанлығын сынақтан өткерди.

 

 

 

 

Жарыс қатнасыўшыларының техникалық қәўипсизлиқ қағыйдаларына бойсыныўы тәмийинленди.

Таңлаўдың екинши басқышы университеттиң «Мәденият сарайы»нда өткерилип, студент-жаслар өзлериниң әскерий билим ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық бойынша ийелеген билимлери бойынша  күш сынасты.

Жарыс жуўмағында «Тарийх» факультети студентлеринен қуралған команда биринши, «Физика» факультети студентлеринен дүзилген команда екинши, «Математика» ҳәм «Юридика» факультетлериниң командалары үшинши орынды ийеледи.

 

 

Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы