Ҳәр жылы елимизде февраль айында өзбек классик әдебиятының ири ўәкиллеринен бири уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы ҳәм патша ҳәм шайыр, тарийхшы, мәмлекетлик ғайраткер, сәркарда Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күнлери кеңнен белгиленеди.  9-февраль күни уллы шайыр Әлийшер Наўайының  580 жыллығын белгилеген болсақ, 14-февраль күни Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 538 жыллығы белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қалалық 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Уллы ата-бабалар мақтанышымыз» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Кеше қатнасыўшылары Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың шығармалары ҳәм дөретиўшилик үлгилери тийкарында таярланған буклетлер,  китаплар  көргизбесин тамашалады.

Буннан соң, кеше қатнасыўшыларына «Уллы ата-бабалар мақтанышымыз» атамасында видеоролик қойып берилди.

 

 

 

– Уллы бабаларымыздың бай мәдений мийрасы, бийбаҳа илимий шығармалары дүньяның раўажланыўы, илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўындағы әҳмийети, илимий потенциалы, инсан ой-өрисиниң, әсиресе жас әўлад мәнаўиятын көтериўдеги орны айрықша, – дейди мектептиң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни методикалық бирлеспеси баслығы Баян Туранаева.

Мектептиң өзбек тили ҳәм әдебияты дөгерегине ағза оқыўшылар тәрепинен уллы бабаларымыздың дөретпелеринен сахналық көринислер атқарылды.

Сондай-ақ, оқыўшылар арасында шығармалар ҳәм сүўрет салыў жарыслары өткерилип, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы