USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 23 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАР БАҒДАРЛАМАДАҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАРДЫ ҚУНТ ПЕНЕН, ИЛИМ МЕНЕН, АҚЫЛ МЕНЕН ОРЫНЛАСА, КЕСКИН ӨЗГЕРИС БОЛАДЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-февраль күни «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ҳәммемизге белгили, 2021-жыл елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланған еди. Бул бойынша таярланған бағдарлама жойбары улыўма халықлық додалаўға қойылып, 2 мыңнан аслам пикир-усыныслар алынды, солар тийкарында қайта исленип және де байытылды.

Бул жетилискен Мәмлекетлик бағдарлама Президентимиздиң усы жыл 3-февральдағы пәрманына муўапық қабыл етилди. Онда 273 бәнт бар. Бул илажларды орынлаў ушын дерлик 30 триллион сум, 2 миллиард 600 миллион АҚШ доллары ҳәм 57 миллион евродан аслам қаржының қаратылыўы нәзерде тутылған.

Улыўмаластырып айтқанда, Мәмлекетлик бағдарламаның тийкарғы мақсети – жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халықтың арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў, экономиканы раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған.

– Бул бағдарламаны еле даўам етип атырған пандемия шараятында, глобал кризис күшейип баратырған қыйын бир жағдайда әмелге асырыўымызға туўра келеди. Қаншелли қыйын болмасын, 500 мың жас ҳәм 200 мың ҳаялды жумыс пенен тәмийинлеў және 300 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў зәрүр. Егер «мәҳәлле кесими» системасын орнына қойып, мәмлекетлик уйымлар бағдарламадағы ўазыйпаларды қунт пенен, илим менен, ақыл менен орынласа, кескин өзгерис болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соның менен бирге, раўажланыўдан артта қалып атырған 33 район ҳәм аўыр жағдайдағы 970 мәҳәллениң жолы, ишимлик суўы ҳәм электр тәмийнаты, ирригация тармағын жақсылаў, медицина ҳәм билимлендириў системасындағы реформаларды ең алыс аўылларға шекем жеткериў зәрүрлиги атап өтилди.

 

 

 

 

Оның ушын Бас министрдиң орынбасарлары, министрлик ҳәм тармақ басшылары, ҳәкимлер ҳәм сектор баслықлары бағдарламаның орынланыўын район ҳәм мәҳәлледе жүрип шөлкемлестириўи, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланып, тәртип-қағыйда менен қатты мийнет етиўи талап етиледи.

– Басшы көп, жуўапкерлер көп, бирақ халықтың дәрти менен шуғылланатуғын адам жоқ. Барлық қарарларды орынласа болады. Ең үлкен кемшилик – қадағалаў жоқ, министрлер, ҳәкимлер өзин қыйнамайды, – деди Президент.

Видеоселектор мәжилисинде Мәмлекетлик бағдарламадағы еки үлкен бағдар – экономика және социаллық тараўларға байланыслы ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.

«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында экономиканы раўажландырыў бойынша 113 илаж белгиленген. Онда ең үлкен итибар жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге қаратылған.

Атап айтқанда, өз жумысын басламақшы болғанларға 7 миллион сумға шекем субсидия, кәсипке оқымақшы болған жәрдемге мүтәж халыққа 1 миллион сумнан компенсация берилиўи нәзерде тутылған.

Жуўапкерлерге бул қаржыларды ажыратыў тәртибин тастыйықлап, тезирек әмелиятқа киргизиў бойынша көрсетпе берилди. Бул арқалы биринши ярым жыллықта 10 мың, жыл ақырына шекем жәми 20 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин.

Ҳәммемизге белгили, дийқаншылық пенен шуғылланыўды қәлеген жасларға 10 сотыхтан 1 гектарға шекем жер ажыратыў басланды. Мәмлекетимиз басшысы бул процессте әдиллик ҳәм ҳадаллық бас өлшем болыўы, жәмийетшиликтиң пикири есапқа алыныўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Шаңарақлық исбилерменлик ушын ажыратылатуғын 6 триллион сумлық кредит қаржыларын нәтийжели бағдарлаў, ҳәр бир мәҳәллениң «өсиў ноқатлары»нан келип шығып, исбилерменлик потенциалын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы 23 миллиард доллар баҳасындағы инвестицияларды өзлестириў және 226 ири санаат инфраструктуралық объектлерди иске қосыў белгиленген. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы барлық процесслерди турақлы мониторинг етип, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 22 ири зыярат объектиниң әтирапын абаданластырыў ҳәм инфраструктурасын жақсылаў режелестирилген. Сондай-ақ, авиатасыўшыларға ишки туризм бағдарларындағы авиабилет баҳасының 25 процентин, туроператорларға ҳаўа ҳәм темир жол билетлери баҳасының 15 процентин және мийманхана хызметлери баҳасының 10 процентин қайтарыў тәртиби енгизиледи. Бул жаңа механизмлер арқалы усы жылы, 1,7 миллион сырт ел және 7,5 миллион ишки туристлерди тартыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

 

 

 

 

Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген дөретиўшилик жумыслардың көлеми де кең. Атап айтқанда, жыл ақырына шекем 10 мың километрден артық ишки ҳәм аўыл жолларын оңлаў, 15 мың километр электр тармақлары және 4 мың трансформаторды жаңалаў, 700 ден аслам елатлы пунктке таза ишимлик суўын жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Қалаларда 21 мың, аўылларда 8 мың 800 турақ жайлар қурыў режелестирилген.

Мәжилисте бул илажлар аймақлар кесиминде додаланып, жуўапкерлерге қосымша көрсетпелер берилди. Коммуналлық хызметлер системасын буннан былай да жақсылаў, көп қабатлы турақ жай фондын ҳәм лифтлерди оңлаў, көпирлерди реконструкциялап, кадастрын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары орынлардағы «өсиў ноқатлары»нан келип шығып, қәлиплестирилетуғыны және жергиликли кеңеслерге киргизилетуғыны белгиленди.

Балаларды қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестирип, оған бюджеттен 100 миллиард сум ажыратыў, сондай-ақ, халықаралық финанс шөлкемлериниң грантларын тартыў бойынша көрсетпе берилди. Быйыл 1-сентябрьге шекем мехрибанлық үйлериниң мүтәж питкериўшилерин турақ жай менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Және бир қолайлылық – быйыл 1-июньнен баслап, пенсия тайынлаўда 2005-жылдан алдынғы жыллар ушын жумыс стажын пуқараның мийнет дәптершесиндеги жазыўлар тийкарында, тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилместен есаплаў тәртиби енгизилмекте. Буның нәтийжесинде, жыл ақырына шекем 100 мың, келеси жылы және 200 мың пуқара артықша сергиздан болмай пенсия алыў имканиятына ийе болады.

Усы жылы бюджет есабынан 22 балалар бақшасы ҳәм 31 жаңа мектеп қурыў, ҳәр бир районда физика пәнине қәнигелескен бир мектептен шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың саламатлығы ҳаққында сөз болар екен, коронавирусқа қарсы шаншыў басланатуғыны айтылды. Денсаўлықты сақлаў министрлигине биринши гезекте шаншылыўы зәрүр болған халықтың категориясын белгилеп, электрон дизимин қәлиплестириў, шаңарақлық поликлиника ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлердеги 3 мыңнан аслам шаншыў бөлимлери ҳәм қосымша 800 мобиль бригада шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәденият орайлары, музейлер ҳәм театр имаратларын оңлаў және үскенелеў бойынша көрсетпелер берилди.

– Мәмлекетлик бағдарламадан тийкарғы мақсет қағаз ямаса есабат емес, ал әмелий нәтийжелерге ерисиў, адамлардың өмиринде унамлы өзгерислер пайда етиў. Оның ушын ҳәр бир басшы өз жумысында нәтийже көрсетиў зәрүр ҳәм шәрт, – деп атап өтти Президент.

Мәжилисте ўәлаятлық, районлық, қалалық халық депутатлары кеңеслери Мәмлекетлик бағдарламаны өз аймағында әмелге асырыў бойынша илажлар режесин ислеп шығыўы, Әдиллик министрлиги бағдарламаның ҳәр бир бәнтиниң орынланыўы бойынша «район кесиминде» қадағалаў орнатыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Министрлер Кабинети  ҳәр айда бағдарламаның орынланыўын сын көзқараста додалап, ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўына жәрдемлеседи. Олий Мажлис палаталары ҳәр шеректе Бас министр ҳәм ҳүкимет ағзаларының Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлайды және бул бағдарда министрликлер ҳәм уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслар береди.

Видеоселектор мәжилисинде Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

 

 

 

ӨзА