Қарақалпақстан хабар агентлиги журналисти Адилбай Оразовтың “Мийрибийке неге жумыссыз қалды?” ( https://kknews.uz/kk/73619.html ) атамасындағы мақаласына Денсаўлықты сақлаў министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.

Пуқара Х.Сапаева 2019-жыл 9-декабрьден Төрткул районлық медицина бирлеспесиниң 286-санлы буйрығы менен 2-санлы көп тармақлы поликлиникасына Р.Каландарованың бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысына кеткен орнына ўақытша патронаж мийирбийке лаўазымына 0,5 ставкаға жумысқа қабыл етилген. 2020-жыл 26-майдан Р.Каландарова бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысы тамамланып, өзиниң жумыс орнына келгеннен кейин, пуқара Х.Сапаеваның мийнет шәртнамасы бийкар етилген.

Буннан кейин Х.Сапаева 2020-жыл 7-декабрь күнинен травматология бөлими мийирбийкеси Ю.Рейимбаеваның бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысына кеткен орнына 1,0 ставкаға ўақытша жумысқа қабыл етилген. Мийирбийке Ю.Рейимбаева 2021-жыл 25-январьдан бала тәрбиясы менен байланыслы болған дем алысынан өзиниң жумыс орнына келген ҳәм пуқара Х.Сапаеваның мийнет шәртнамасы бийкар етилген.

Төрткүл районлық медицина бирлеспеси ҳәкимшилигине усы күнге дейинги 1220 медицина коллежиниң питкериўшилери жумыс сорап мүрәжат еткен, соннан 2020-жыл даўамында жәми 57 пуқара жумыс пенен тәмийинленген болып, солардан 11 мийирбийке тийкарғы жумыс орынға, қалғанлары бала тәрбиясы менен байланыслы дем алыстағы мийирбийкелер орнына ўақытша жумысқа қабыл етилген. Жумыс сорап мүрәжат етип атырған мийирбийкелер арасында 5-6 жылдан берли дизимде турғанлар да бар.

Пуқара Х.Сапаеваның медицина бирлеспеси ҳәкимшилигине жумыс пенен тәмийинлениў бойынша етип атырған мүрәжатлары тийисли тәртипте үйренилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги