Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани менен телефон арқалы сөйлести.

Еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Президент Ашраф Ғани мәмлекетимиз басшысына Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, усы мәмлекеттиң экономикасын тиклеў мәселелеринде көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын дос Аўғанстан халқы атынан шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан және жетекши халықаралық финанслық институтлардың жоқары дәрежедеги ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен Трансаўған транспорт жолын қурыў жойбарын алға қойыў бойынша үш тәреплеме жумысшы топардың биринши мәжилиси табыслы болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бул жойбарды әмелге асырыўды, соның ишинде, техникалық ҳүжжетлерди таярлаўды ҳәм қурылыс жумысларын баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентлер ҳәрекетлерди бирлестирип, жаңа «Сурхан-Пули-Хумри» электр узатыў линиясын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алды. Усы мақсетте режелестирилген жумыслардың орынланыўын муўапықластырыўдың еки тәреплеме механизми жаратылады, оның шеңберинде ҳәр айда видеоәнжуманлар өткерип барылады.

Сондай-ақ, көп қырлы Өзбекстан-Аўғанстан қатнасықларын, соның ишинде, нефть-газ тармағы, билимлендириў тараўы, техникалық маманлықлар бойынша аўғанстанлы қәнигели кадрларды таярлаў бағдарында кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.

Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығына бағышлап  усы жылы март айында Ҳират қаласында өткерилетуғын байрам илажларында Өзбекстан делегациясының қатнасыўы бойынша келисимге ерисилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар ҳәм сөйлесиўлер режеси бойынша да пикир алысылды.

Президентлер «Жол картасы» ҳәм тийкарғы инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын турақлы мониторинг етиў ҳәм нәтийжели алға қойыў мақсетинде қоспа ҳүкимет топарын қәлиплестириў тапсырмасын берди.

Өзбекстан ҳәм Аўғанстан жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей  ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында болып өтти.

ӨзА