Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2020-жыл 13-октябрьдеги «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик  хызметлердиң  жумысларын  буннан былай да жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы қарары  тийкарында  Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Өсимликлер карантини илим-иззертлеў орайының Нөкис аймақлық филиалы шөлкемлестирилген еди.

Бүгинги күнде усы аймақлық филиалда оқыў-семинарлар өткерилмекте.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини агроном-инспекторлары, Хорезм ўәлаяты өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының агроном-инспекторлары ҳәм исбилерменлер (экспортшылар) қатнаспақта.

 

 

– Бул оқыў-семинар 8-февральдан 13-февральға шекем даўам етип, онда қәнигелер ҳәм басқа да профессор-оқытыўшылар  тәрепинен  тараўға байланыслы темаларда сабақлар өткерилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының баслығы М.Джуманиязов. – Атап айтқанда, қарардың мазмун-мәниси, әхмийети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы ҳәм аймақлық инспекциялары  тәрепинен 2021-жылы  орынланыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берилмекте.

 

 

Сондай-ақ,  экспорт ушын жетистирилип атырған  мийўе ҳәм палыз өнимлерин комплектлеў цехларындағы қабыллаў тәртиби, импорт фитосанитар талаплары ҳәм де Чили тәжрийбеси үйренилмекте. Өзбекстан Республикасы аймағын өсимликлер карантини объектлеринен қорғаў, “e-Fitouz” автоматластырылған  мәлимлеме системасын  «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасына интеграциялаў жумысларын толық жуўмақлаў, картошка ҳәм помидордың карантин зыянкеслери  биоэкологиясы ҳәм оларға қарсы  қолланылатуғын карантин илажлары ҳәм басқа темаларда баянатлар  оқылмақта.

 

 

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, өсимликлер карантини инспекциясы агроном-инспекторларының, сондай-ақ, экспортқа жарамлы өнимлерди жетистириўши, таярлаўшы ҳәм комплектлеўши исбилерменлик субъектлериниң тәжрийбесин арттырыў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.