Социаллық тармақларда «Р/500 жазыўы болған парацетамол таблеткасын қабыл етиўден сақланың» мазмунындағы хабарлар тарқалды.

 

Хабарда «пуқаралар Р/500 жазыўы болған парацетамол таблеткасын қабыл етиўден сақланыўы, усы дәри жаңадан шыққан ақ ҳәм жылтыр түсте болып, шыпакерлердиң айтыўынша, оның қурамында «Мачупо» деп аталатуғын вирус бар екенлиги, ол дүньядағы ең қәўипли вируслардың бири екенлиги» ҳаққында сөз етилген.

 

Фрамацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги бул хабардың ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығын мәлим етти.

 

Еслетип өтемиз, халық арасында ҳаўлықпаға алып келетуғын жалған мағлыўматларды тарқатыўға нызамлы жуўапкершилик белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.