Усы жыл 10-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Баслама, ҳәрекет, хошамет» атамасында  Жетекшилер форумы  өткерилди.

Оған республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң жетекшилери қатнасты.

Театр фоесинде форум қатнасыўшылары ушын Қарақалпақстан Республикасы  Жетекшилер Кеңеси тәрепинен әмелге асырылған жумысларды сәўлелендириўши көргизбе шөлкемлестирилди.

Форум қатнасыўшыларына «Жетекшиниң бир күни» атамасындағы видеоролик қойып берилди.

Буннан соң, телеграм канал арқалы даўыс бериў жолы менен усынылған талабанлар арасынан жетекшиси баслығы анықланды. Онда  Нөкис қалалық 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жетекшиси Ҳүрлиман Жумамуратова жеңимпаз деп табылып, Қарақалпақстан Республикасы  Жетекшилер Кеңесиниң баслығы етип тайынланды.

 

 

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Данияровлар шығып сөйлеп, быйылғы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда алға қойылған ўазыйпалар, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтип, министрликлер менен бирге ислесиў Меморандумына қол қойды.

 

 

 

 

– Жасларды «Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай» идеясына бирлестириў ушын усы жылдың 28-январь күнинен 28-февраль күнлери аралығы басланғыш шөлкем жетекшилериниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, оларға әмелий ҳәм методикалық жәрдем  көрсетиў мақсетинде «Жетекшилер айлығы» деп жәрияланды. Мине, бүгинги форум усы илаж шеңберинде өткерилмекте, – дейди Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаслар жетекшиси Гүлмира Есенова.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Форум қатнасыўшылары ушын көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Сүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген.