Усы жылдың 2-8-февраль күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында 2002-2003-2004-жылларда туўылған боксшылар арасында «Termiz Open» жарысы болып өтти.

 

Жарысқа Өзбекстанның барлық аймақларынан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы жаслар сайланды командасы да қатнасты.

 

Жарыс улыўма 10 салмақ категориясы бойынша өткерилип, оған Өзбекстан бойлап 145 боксшы қатнасты.

 

Қуўанышлысы, жарысқа 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан жерлесимиз Мәдияр Дәнияров барлық қарсыласларын жеңип, 1-орынды қолға киргизди.

 

Ярым финалда бухаралы қарсыласы Ш.Музаффаровқа, ал финалда болса сурхандәрьялы Ж.Очиловқа ҳеш қандай имканият қалдырмады ҳәм «Termiz Open» жарысының алтын медалын қолға киргизди.

 

Жарысқа спортшыларды Ш.Айтбаев ҳәм Р.Сейтовлар таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.