«Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына қол қойылды.

 

Пәрманға муўапық, 2021-жылдың 1-март сәнесинен баслап Өзбекстан пуқаралары ҳәм Өзбекстанда турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған адамлардан орналастырыў қуралларында (мийманхана ҳәм т.б.) оларда жасаған ҳәр бир күн ушын туристлик (мийманхана) жыйым өндириледи. Жыйым муғдары Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

 

Бунда туристлик (мийманхана) жыйымлар ишки туризмди үгит-нәсиятлаў ҳәм хошаметлеў, туризм мәўсими төмен болған дәўирде орналастырыў қуралларының бәнтлигин тәмийинлеўге бағдарланған илажларды қаржыландырыўға жумсалатуғыны атап өтилген.

 

Сондай-ақ, усы пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-апрельге шекем «Хийўа-Үргениш-Нөкис» жөнелиси бойынша темир жол рейслери жолға қойылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.