Мәмлекетлик экологиялық комитети мәмлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Президент қарарына тийкарланып Мойнақ районында улыўма майданы 280 507 гектар болған мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемеси түриндеги «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы шөлкемлестирилди.

Қорықхананың тийкарғы мақсети жағалық ландшафтлары, каналлар, коллекторлар ҳәм олардағы суў ағысы, суў атирапында жасайтуғын қуслар, айрықша, жоқ болып кетиў қәўипи астында болған балықлар, жыртқыш қуслар ҳәм сүт емизиўши хайўанларды сақлап қалыў және оларды қайта көбейтиўден ибарат.

Қарар менен Мәмлекетлик экология комитетине 2021-жылдың ақырына шекем Судочье көлин халықаралық әҳмийетке (Рамсар конвенциясы) ийе суўлы-батпақлы аймақлардың дизимине киргизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги