8-февраль күни Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Бас хаткери Бағдат Амреевтиң басшылығындағы делегация Ташкентте бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер арасында түрли тараўдағы әмелий шериклик, соның ишинде, Түркий тиллес мәмлекетлер Парламентлери ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

 

 

 

 

 

Сөйлесиўде Өзбекстанның Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер менен қатнасы избе-из раўажланып баратырғаны атап өтилди.

Б.Амреев Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, Орайлық Азияда ҳәм Түркий кеңес мәканында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.

Түркий кеңес алдында турған ўазыйпаларды орынлаўда ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин күшейтиў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.

Делегация ағзалары менен сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов та ушырасты. Илажда Өзбекстан менен Түркий кеңес арасындағы бирге ислесиўдиң ағымдағы жағдайы ҳәм келешеги додаланды.

Өзбекстанның шөлкемге ағза болыўы түрк дүньясы бирлигин беккемлеўде тарийхый ўақыя болып, өз-ара пайдалы шериклик процесинде бурын пайдаланылмаған имканиятларды ашыўға үлес қосқаны атап өтилди.

– Түркий дүньяның әҳмийетли буўыны сыпатында Өзбекстан бәрқулла туўысқан халықлардың бирге ислесиўинде әҳмийетли орын ийелеп келген, – деди Бағдад Амреев. – Бул ел түрк дүньясы цивилизациясының бесиги. Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза болыўы менен оның абырайы сезилерли дәрежеде кеңейди. Бул мәмлекеттиң шөлкем жумысындағы белсендилиги, ҳәр қыйлы тараўлар бойынша алға қойып атырған басламаларында көринбекте.

 

 

Сөйлесиў ўақтында шөлкем саммитлеринде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар кестеси, соның ишинде, Өзбекстанда өткерилиўи режеслестирилген туризм, жаслар ҳәм спорт тараўлары бойынша министрлер ушырасыўы, сондай-ақ, туркий тиллес мәмлекетлер жас исбилерменлери форумы ҳаққында пикир алысылды.

Усы күни Түркий кеңес Бас хаткери Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳәм Мәденият министрлигиниң администрациясы менен ушырасты.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы