USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӘНДИЖАН ҲӘМ ТАШКЕНТ ЎӘЛАЯТЛАРЫНДАҒЫ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАРДЫҢ ПРЕЗЕНТАЦИЯСЫ ӨТКЕРИЛДИ

 

Президент Шавкат Мирзиёев 8-февраль күни Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Дәслеп быйылғы жылы иске қосылатуғын жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, Әндижан ўәлаятында быйыл улыўма баҳасы 1 миллиард 433 миллион доллар болған 616 жойбар пайдаланыўға тапсырылады. Тараўлар кесиминде айтқанда, олардың 258и санаат, 185и хызмет көрсетиў, 173и аўыл хожалығы тармақларында. Олардың нәтийжесинде дерлик 10 триллион сумлық өндирис қуўатлылығы шөлкемлестирилип, 95 миллион долларлық импорттың орнын басыў және 265 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады. 61 мың жаңа жумыс орны ашылады.

Мәселен, «Тетратекс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Балықшы районында  тоқымашылық комплекси шөлкемлестирилмекте. 2021-2022-жылларда төрт басқышта әмелге асырылыўы режелестирилген бул жойбардың улыўма баҳасы 126 миллион евро. Кәрхана ийирилген жиптен баслап таяр трикотаж өнимлерине шекемги процесслерди қамтып алады. Быйылғы жылдың ақырында иске қосылатуғын биринши басқышта 2 мың 500, барлық басқышлардың жуўмағында болса 10 мың жумыс орны жаратылады.

Бундай жойбарлар бойынша жедел жумыс алып барыў менен бирге жаңалары да қәлиплестирилмекте. Мәселен, Әндижан ўәлаятында улыўма баҳасы 782 миллион доллар болған 53 жаңа инвестициялық жойбар ислеп шығылды.

Презентацияда бул жойбарлардың перспективалары, қаржыландырыў дәреклери ҳәм инфраструктура мәселелери бойынша мағлыўмат берилди.

Мәмлекет басшысы жойбарларды жумыс орынларына талап жоқары болған мәҳәллелерде жайластырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы кәрханаларды көбейтип, бәнтликти арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

 

 

 

Ташкент ўәлаятындағы быйылғы жылы 355 жойбар иске қосылады. Улыўма баҳасы 1 миллиард 624 миллион доллар болған бул жойбарлардың 198и санаат, 81и хызмет көрсетиў, 76сы аўыл хожалығы тараўы болып есапланады. Олардың нәтийжесинде дерлик  35 миллиард сумлық өндирис қуўатлылығы жаратылып, 13 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. 48 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын ҳәм 42 миллион долларлық экспортқа жарамлы өним ислеп шығарылады.

Буннан тысқары, ўәлаятта 187 жаңа инвестициялық жойбар режелестирилмекте. Презентацияда олардың ең ирилерине тоқтап өтилди.

Мәселен, «Metal produkt» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 25 миллион доллар есабынан Аҳангаран қаласында металл өнимлерин ислеп шығарыў жолға қосылмақта. Оның қуўатлылығы жылына 60 мың тонна болады. Быйылғы жылдың май айында пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген кәрханада 150 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

«Ангрен» еркин экономикалық зонада велосипедлер, Қибрай районында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары да ишки базар ушын оғада әҳмийетли болып есапланады.

Президент санаатқа илим ҳәм инновацияларды жедел тартып, өнимлердиң сапасына  айрықша итибар қаратып, өтимлилигин тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Ташкент ўәлаятының транспорт ҳәм туризм потенциалынан ақылға уғрас пайдаланып, хызмет көрсетиўди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

 

 

 

 

ӨзА