Қанлыкөл районында тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «ӨзЛиДеП фермерлерге жәрдемши» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда аўыл хожалығында пайдаланылатуғын егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, оның өнимдарлығын арттырыў, суўғарылатуғын жерлерде суў үнемлеўши технологияларды енгизиў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм көп тармақлы фермер хожалықларының жумысларын кеңейтиў бойынша түсиниклер берилди.

 

 

Атап өтилгениндей, район аймағында заманагөй технологиялардан пайдаланыў ҳәм егислик жерлердиң агротехникалық тәрбиясында нәтийжели жумыслар алып барыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылы 365 гектарлық егислик жерлерге тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў, оны тийкарынан пахта атызларында қолланыў режелестирилмекте.

 

 

– Буннан басқа егислик жерлерди суўғарыўда жаўынлатып суўғарыў технологиясынан пайдаланыў илажлары да әмелге асырылмақта,-дейди Қанлыкөл районы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы С.Алиев. – Ҳәзирги ўақытта көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў, оларға зәрүр шараятларды жаратыў, фермер ҳәм дийқанлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылмақта.

 

 

Фермерлер қәнигелерден тараўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы бағдардағы семинарлар басқа да районларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.