Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде жоқары сапалы былғары, аяқ кийим, былғары-галантерея өнимлери, сондай-ақ, ийленген баҳалы тери ҳәм жүннен жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыўды буннан былай да кеңейтиў, тараўда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, заманагөй технологияларды енгизиўди хошаметлеў мақсетинде:

1.Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қаржы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-январьдағы «Азық-аўқат, былғары-аяқ кийим ҳәм фармацевтика санаатында инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2718-санлы қарарына тийкарланып ашылған кредит линияларының таңланбаған қаржылары есабынан Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен 2021-2022-жыллары былғарыдан таяр өнимлер, былғары-галантерея, сондай-ақ, ийленген тери ҳәм жүннен жоқары қунлы өнимлер ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў ушын улыўма баҳасы 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит линияларын устав фондында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған коммерциялық банклерде ашыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

2.Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған кредит линияларын тийисли коммерциялық банклерге 3 жыллық жеңиллетилген дәўирди өз ишине алған ҳалда 7 жыл мүддетке шекем, жыллық 4 процент ставкасы шәртлеринде ашатуғыны;

кредитлер исбилерменлик субъектлерине заманагөй жаңа үскене ҳәм технологияларды сатып алыў ушын 2 жыллық жеңиллетилген дәўирди өз ишине алған ҳалда 7 жыл мүддетке шекем, жыллық 6 процент ставкасында ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.

3.2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылатуғын шийки зат, материаллар ҳәм фурнитуралар дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

4.Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери, Ташкент және Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлериниң «Айбек-автожол» (Ташкент ўәлаяты) ҳәм «Сариосиё-автожол» (Сурхандәрья ўәлаяты) шегара өткериў пунктлеринен қоңсы мәмлекет шегарасына шекемги орынларда эксперимент түринде жергиликли таяр өнимлер саўдасына қәнигелестирилген саўда ноқатларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Бул саўда ноқатларында жумыс ислейтуғын исбилерменлер тәрепинен реализицияланатуғын және қоңсы мәмлекет аймағына алып шығылған товарлар экспортқа теңлестирилсин.

Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлери Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери менен биргеликте бир ай мүддетте «Айбек-автожол» ҳәм «Сариосиё-автожол» шегара өткериў пунктлеринен қоңсы мәмлекет шегарасына шекемги орынларда саўда ноқатларын шөлкемлестириў ушын исбилерменлик субъектлерине белгиленген тәртипте жер майданларының ажыратылыўын және жергиликли бюджет қаржылары есабынан тийисли инфраструктуралар жаратылыўын тәмийинлесин.

«Ўзчармсаноат», «Ўзтўқимачиликсаноат», «Ўзбекипаксаноат», «Ўзэлтехсаноат» ҳәм басқа да ассоциациялар шөлкемлестирилетуғын саўда ноқатларын ислеп шығарыўшы кәрханалардың сапалы жергиликли өнимлери менен тәмийинлесин.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери менен биргеликте  2022-жыл 1-июньға шекем  эксперимент нәтийжелеринен келип шығып, республиканың басқа да халықаралық қатнаўлары ушын ашық болған шегара өткериў пунктлеринен қоңсы мәмлекет шегарасына шекемги орынларда жергиликли таяр өнимлер саўдасына қәнигелестирилген саўда ноқатларын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

5.«Ўзчармсаноат» ассоциациясы тәрепинен Былғары-аяқ кийим тараўын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан республикамыз аймақларында ҳәм сырт еллерде жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылған былғары өнимлериниң саўдасына қәнигелестирилген «Multibrand» дүканларын шөлкемлестириў ҳәм оның электрон саўда платформасын жаратыў ҳаққында қарар қабыл етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

«Multibrand» дүканларын республикамыз аймақларында ҳәм сырт елде шөлкемлестириў және оның электрон саўда платформасын жаратыў,  сондай-ақ, «Ўзчармсаноат» ассоциациясы ағзаларының жетекши электрон саўда платформаларында жергиликли былғары өнимлерин жайластырыў бойынша қәрежетлерин Былғары-аяқ кийим тараўын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырыўға келисим берилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Ўзчармсаноат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте жаңадан шөлкемлестирилип атырған  «Multibrand» дүканларының  Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайлық қалаларында халыққа қолайлы орынларда жайластырылыўын тәмийинлесин.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги «Ўзчармсаноат» ассоциациясы менен биргеликте «Multibrand» дүканларын сырт еллерде шөлкемлестириў бойынша тийисли илажларды көрсин.

6.«Өзстандарт» агентлиги:

еки ай мүддетте  былғары, аяқ кийим, былғары-галантерея өнимлери, жүн ҳәм ийленген териден таярланған буйымларға оларды сынақтан өткериў усылларына талапларды белгилеўши стандартлар бойынша әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерсин ҳәм халықаралық нормаларды есапқа алған ҳалда оларды қайта көрип шығып, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

 2021-жыл 1-мартқа шекем былғары, аяқ кийим, былғары-галантерея өнимлери, жүн ҳәм ийленген териден таярланған буйымларды ислеп шығарыўшы кәрханалардың талабынан келип шығып, тараўға тийисли болған сынақ бойынша халықаралық, регионаллық ҳәм сырт еллердиң стандартларын тийкарғы жазылған тиллеринде қабыл етиў илажларын көрсин.

7.Министрлер Кабинети еки ай мүддетте «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына белгиленген тәртипте киргизсин.

8.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.

9.Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Министрлер Кабинетине ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 8-февраль