Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен сәўбетлесиў мақсетинде 4-5-февраль күнлери Ферғана ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Ферғана қаласында халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сесиясы болып өтти.

Сессияда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

– Бул жерге келиўден алдын көп талладық. Келип-кетиў аңсат. Бирақ 4 миллионлық ўәлаяттың халқына қандай пайда болады, деген сораў көлденең турыпты. Соның ушын бир айдан берли таярлық көрип атырмыз. Кеше районларда жүрип, адамлар менен сойлестим. Ферғананың ертенги күни қандай болады, деп түни менен ойланып шықтым. Коронавирус кеселлиги жанымызда жүргендей, экономикалық қәўип-қәтер де жанымызда жүрипти. Дүньядағы кризис барлық мәмлекетлерге тәсир етти. Базар табыў – азап болып кетти. Соның ушын жаңа «өсиў ноқатлары»н қәлиплестирип, имканиятларды толық иске қосыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сесияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Мәмлекет басшысы 2020-жыл сентябрь айынан берли Ферғана ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Хайрулло Бозоровтың кандидатурасын Ферғана ўәлаятының ҳәкими лаўазымына усыныс етти.

Х.Бозоров мийнет жолын 1995-жылы  салық инспекторы сыпатында баслаған. 2007-2015-жылларда Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң социаллық-экономикалық мәселелер бойынша орынбасары, Учқўрғон, Чуст ҳәм Мыңбулақ районларының ҳәкими болып ислеген. 2015-2020-жылларда Наманган ўәлаятының ҳәкими болған. Өткен жылы Өзбекстанда хызмет көрсеткен экономист ҳүрметли атағы менен сыйлықланған.

– Мен Хайрулло Бозоровты көп жыллардан берли билемен. Үш районда, ўәлаятта ҳәким болып ислеген. Оғада тәжирийбели, ҳәзирги заманға мүнәсип, халықшыл, кишипейил инсан. Төрт айдан берли ҳәкимниң ўазыйпасын артқарыўшы  сыпатында сизлердиң де сынағыңыздан өтти. Ферғанаға мине усындай билимли, тәжирийбели адам керек, – деди Президент.

Халық депутатлары, нуранийлер, жаслар сөзге шығып, талабанды қоллап-қуўатлады. Даўысқа қойыў нәтийжелерине бола, Хайрулло Бозоров Ферғана ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Сесияда мәмлекетимиз басшысы бурынғы ҳәким, ҳәзирги ўақытта Бас министрдың орынбасары лаўазымында ислеп атырған Шухрат Ғаниев ҳаққында пикир билдирди.

-Ғаниевтиң ең үлкен пазыйлети – ол ҳадал адам, тыным билмейди. Ол кимгедур жағады, кимгедур жақпайды. Бирақ садықлығы бар адам. Аўыр сынақлы жылларда өзин көрсетти. Ол республикамыздың аўыл хожалығында да өзиниң қатты қоллығы менен үлкен жумыслар исленетуғынына исенемен. Шуҳрат Мадаминовичқа әўмет тилеймен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент басшыларды қәстерлеп сақлаў, олардың ҳүрметин орнына қойыўды да атап өтти.

– Бурын ҳәкимди қойып атырғанда хошаметлейтуын едик, жаманлап жумыстан алатуғын едик, жумыстан алғанымыздан кейин умытып жиберер едик. Бул надурыс. Ҳәким лаўазымды тартпаса, көшеге таслап қойыў керек емес. Бир басшыны  таярлаўға 20 жыл кетеди. Биз қәстерлеп сақлап тәрбиялаған ҳәкимлеримизди ҳеш қашан хор етпеўимиз керек. Ҳәким, бул елдиң  жолбасшысы болған адамның ҳүрметин де ҳәммемиз орнына қойыўымыз керек. Ферғанада сонша жыл ислеген адамның Ташкентте басшылық етиўи, бул биринши тәжирийбе деп ойлайман. Бул тәжирийбе басқа ўәлаятларға да жуқсын. Бүгин пүткил республикамыз көреди, қудайым усы тәжирийбеден әмелде ўәлаят, районның ҳәкимлери де өзлерине жуўмақ шығарса мен разы болар едим. Бәрибир мийнет еткен адам ҳеш қашан хор болмаўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент  районлардағы жуўапкерлердиң жумыс усылы, орынлардағы машқалаларға да тоқтап өтти.

– Егер басшы әпиўайы, жақсы болып, «жерде» жүрип, халықтың дәртин билип, аўырын жеңил етсе, оның ҳүрмети артады. Тек столда отырып, машинада жүриў  менен абырай артып қалмайды. Мениң ең үлкен тәшўишим – төменги текшедеги, район көлеминдеги басшылар өзине жуўапкершиликти алмай атыр. Бар имканияттан пайдаланып, белсендилер бирлесип, көп мәселелерди район, мәҳәллениң өзинде шешсе болады. Ҳәким арқайынлыққа умытылмаўы, өзин жумысқа бағышлаўы керек, – деди Президент.

Мәжилисте хызмет ўазыйпасын жетерли дәрежеде орынламағаны ушын Қува, Өзбекстан ҳәм Ёзёвон районының ҳәкимлери және айырым сектор басшылары  лаўазымынан азат етилгенлиги айтылды.

Ҳәзир жергиликли кеңеслердеги барлық депутатлар да өз ўәкиллиги дәрежесинде жумыс ислемей атырғанлығын атап өтиў керек. Сессияда мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге де тоқтап өтип, халық қәлеўлилери депутат деген статусқа мүнәсип пе деген сораўды қойды.

– Мен Сенат имаратына барғанымда оны түсиникли тилде «Халық үйи» дедим. Депутатлар мине усы Халық үйине кириўге мүнәсип пе? Ҳүжданымыз алдында жуўап берейик: халық ўәкиллери бир айда, үш айда, алты айда, бир жылда жергиликли кеңеслерге неше  усыныс берди? Ол усыныс елиме, мәҳәллелеслериме, районыма қандай пайда алып келди, деген сораўға, тилекке қарсы,  унамлы жуўап жоқ, – деди мәмлекет басшысы.

Буннан кейин Президент ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, мәҳәлле кесими системасында халықтың турмыс шараятын жақсылаў ўазыйпалары бойынша баянат жасады.

2021-жылғы Мүрәжатта белгилеп берилген бағдарлар ҳәм ўазыйпалар тийкарында, ўәлаятта жаңа «өсиў ноқат»ларын анықлаў, аймақты мәҳәлле кесиминде комплексли  раўажландырыў, халық ушын мүнәсип шараят жаратыў бойынша әмелий илажлар ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Оған бола, бәринен бурын, халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў есабынан, кәмбағаллықты қысқартыўға итибар қаратылады. Оның ушын ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир пуқара турмысындағы машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў бойынша жаңа система енгизилип атырғанлығы атап өтилди.

Республикалық жумысшы топар тәрепинен Ферғана ўәлаяты мысалында мәҳәлле кесиминде ислесиўдиң вертикаль системасы ислеп шығылғаны атап өтилди. Биринши басқышта  банклердиң тәжирийбели қәнигелери ўәлаяттағы 1041 мәҳәллеге атпа-ат турақлы ўәкил сыпатында бириктирилгенлиги мәлим етилди.

Бул ўәкиллер мәҳәлледе жумыссыз халықты, жаслар ҳәм ҳаялларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм исбилерменликке оқытыўды шөлкемлестиреди. Сондай-ақ, исбилерменлерге кредит алыўға ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға жәрдем берип, мәҳәлле басшылары ҳәм белсендилери менен турақлы жумыс алып барады.

Қала ҳәм районларды мәҳәлле кесими системасында раўажландырыў мақсетинде ўәлаяттағы 76 сектордың ҳәр биринде экономикалық комплекстиң тәжирийбели хызметкерлеринен ибарат басқарма офислери шөлкемлестирилетуғынлығы атап өтилди. Бул қәнигелер мәҳәллеге бириктирилген  банк хызметкерлери менен бирге, орынлардағы шараятты үйренип, жойбарларды қәлиплестиреди ҳәм әмелге асырыўға жәрдем береди. Зәрүр болса, жумыссыз халық, жаслар ҳәм ҳаяллар кәсип-өнерге үйретиледи.

Ферғана ўәлаятында 2021-2022-жылларда улыўма баҳасы 17 триллион сумлық 949 инвестициялық жойбар әмелге асырылатуғынлығы атап өтилди. Онда химия, тоқымашылық, былғары аяқ кийим, қурылыс матриаллары, электротехника  санааты «драйвер» болады.

Атап айтқанда, «Ферғанаазот» акциянерлик жәмийетинде жәми 537 миллион долларлық 3 жойбар, тоқымашылықта 154 миллион долларлық 14 жойбар әмелге асырылады.

Президент жуўапкерлерге Миллий банк, «Асака» банк ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» пенен бирге жаңа ивестициялық жойбарларды қәлиплестириў бағдарында «жойбарлар офисин» шөлкемлестириўдиң Ферғана тәжирийбесин жаратыў бойынша тапсырма берди.

Ўәлаятта жер ресурсы шекленгенлиги себепли шөл жерлер, жайлаў ҳәм далаларда 33 мың  гектар өзлестириледи. Оған жумсалатуғын 350 миллиард сумлық қәрежетлердиң 110 миллиард сумы субсидия есабынан қаплап бериледи.

Социаллық тараўларды, инфраструктураны  раўажландырыў илажлары белгиленди. Быйылғы жылы ўәлаяттың 11 жеринде 105 көп қабатлы жайлар қурылатуғынлығы  атап өтилди. 312 миллиард сум орайласқан қаржылар есабынан 503 километр жолларды оңлаў бойынша ўазыйпа қойылды.

Жаңа шөлкемлестирилген Ферғана жәмийетлик саламатлық медицина институты потенциалынан нәтийжели пайдаланған ҳалда, мақсетли медициналық тексериў ҳәм консультациялар  өткериў, басланғыш медицина буўынын раўажландырыў ушын 16 шаңарақлық  шыпакерлик пункти ҳәм шаңарақлық поликлиника шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент жаслар ҳәм ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Быйылғы жылы Ферғана ўәлаятындағы 19 район ҳәм қалаларда биреўден Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы шөлкемлестирилетуғыны, «Жаслар: 1+1» жойбары шеңберинде 8 мыңнан аслам жумыссызлар исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытылатуғыны белгиленди. Ҳаял-қызлардың өз жумысын ашыўына  жәрдем бериў, мүтәжлердиң турақ жай сатып алыўы ушын басланғыш төлем пулларын төлеп бериў, ажырасыўлардың алдын алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Жүрегимдеги ҳалласлап турған тилегим, жанажан халқымыздың аўырын жеңил етиў. Биринши күннен оғада үлкен ҳәрекетте, изленистемиз. Бул қарарлар, пәрманлар, мәжилислер бийкарға емес. Ферғана халқы уллы ел. Мине, усы халыққа мүнәсип болыў ҳәм ертенги күнин абадан етиў мойнымыздағы муққадес миннет. Егер аз ғана өзгерип, кишкене қәдем тасласақ, халқымыз басына көтерип, бизден разы болып атыр. Ҳәммемиз аўызбиршиликли болып, ҳақ нийет пенен мийнет етсек, Ферғанада, әлбетте, нәтийже болады, – деди Президент.

Халық депутатлары сесиясынан соң Президент күтилмегенде Ферғана қаласындағы Шодиёна мәҳәллесине барды. Мәҳәллени аралап жүрип, халық пенен ушырасты.

– Мине,  бүгин ўәлаятларыңызға жаңа ҳәким қойдық. Мәҳәлле кесиминде ислесиў системасын енгизип атырмыз. Ҳақыйқый аўхалды билиў, адамлардың аўырын жеңил етиў ушын мәҳәллеңизге өзим келдим, – деди Шавкат Мирзиёев ҳаяллар менен сәўбетлесиўде.

Аналардан бири ертең улының тойы болатуғынлығын айтты. Президент оларды қутлықлап, жас шаңараққа бахыт, денсаўлық тиледи.

Күтилмеген сапардан қуўанышлы болған адамлар мәмлекетимиз басшысына беккем денсаўлық, халқымызға тынышлық-абаданшылық тилеп өз патияларын берди.

Саҳыбқыран Әмир Темур көшеси бойлап жүрилип, турақ жайлар, саўда шақапшалары көзден откерилди.

Шавкат Мирзиёев мәҳәлле уйымына кирип, мәҳәлле баслығы ҳәм мәсләҳәтшилер менен сөйлести. Халықтың жасаў шараяты, аймақтағы машқалаларды сорады. Оларды шешиў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана қаласының Ғәрезсизлик массивинде қурылған 16 қабатлы  2 жаңа   турақ жайды көзден өткерди.

Турақ жайлардың ҳәр бири 80 квартиралы болып, 2-3 ханадан ибарат. Ҳәзирге шекем ўәлаятта бундай бийик турақ жай қурылмаған. Сол себепли қурылыста сейсмология ҳәм заманагөй архитектура талапларына айрықша итибар берилген. Энергия үнемлеўши, сапалы жергиликли қурылыс материалларынан пайдаланылған жайлар коммуникация тармақларына жалғанған. Имаратлардың суўық ҳәм ыссыға шыдамлы болыўы ушын базальт қапламасынан пайдаланылған.

Көп қабатлы турақ жайлардың жанында балалар ойын майданшасы, машиналар туратуғын орын бар.

Режеге бола, усы турақ жайлардың 8и майыплығы бар ҳәм аўыр  социаллық  жағдайға түсип қалған ҳаялларға, 32си мәмлекеттиң жәмийетлик турмысында белсене қатнасып, айрықша үлги  көрсетип атырған жас шаңарақларға , 120 турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шаңарақларға ажыратылған.

Бизге белгили, Ферғана ўәлаяты мәмлекетимиздиң халқы ең тығыз жайласқан  аймақларынан. Сол себепли усындай заманагөй көп қабатлы жайлардың қурылысы халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў менен жерден өнимли пайдаланыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мысал ушын, 16 қабатлы 2 турақ жайды қурыў ушын 11 сотих жер жетерли болды. Бул жерде енди 160 шаңарақ жасайды. Демек, аз ғана жерде сонша шаңарақтың турақ жайға болған машқаласы шешилди.

Президентимиз өткен жылы усы жайлардың қурылыс процеси менен танысып, массивте жасайтуғын халық перзентлери ушын мектеп ҳәм балалар бақшасы, шаңарақлық поликлиника сыяқлы зәрүр инфраструктура объектлерин қурыў бойынша тапсырма берген еди. Бүгинги күнге келип Ғәрезсизлик массивинде 420 орынлық мектеп пайдаланыўға тапсырылды. 380 орынлық мектепке шекем билимлендириў шөлкеминиң қурылысы даўам етпекте.

Улыўма алғанда, кейинги төрт жыл ишинде ўәлаятта 2011 квартираға мөлшерленген 45 көп қабатлы жай қурылған.

Президентимиз халықты турық жай менен тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар турақлы итибарда болатуғынын атап өтти. Бундай жайлардан пайдаланыў мәдениятын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ҳәм усы жерде жасайтуғын халықтың бирге ислесиўине байланыслы.

Мәмлекетимиз басшысы жайлардың қурылыс технологиясын ҳәм сапасын көзден өткерди. Өрт қәўипсизлигин, коммуналлық хызметлердиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге қосымша көрсетпелер берди.

Сол жерде Ферғана қаласы Ғәрезсизлик массивиндеги көп қабатлы жайлардың ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын қурыў, қурылыс комплексинде жаратылатуғын жаңа жумыс орынлары, 20 квартираға мөлшерленген 5 қабатлы 1 подъездли жайлар қурыў сыяқлы бир қатар жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана районы Илғор мәҳәллесине барып, ишки жолларды арзан қурыўға байланыслы стандартларды  көзден өткерди.

Елимизде 39 мың километрге шамалас ишки жоллар топырақлы. Бурын қурылған көшелердиң де көбиси  ойлы-шуқыр болып, жарамсыз жағдайға келген. Бул жолларға асфальт жайыў оғада қымбатқа түседи.

Сонлықтан қум-щебень, ҳәк тас, майда таслы шеге қум, цемент сыяқлы жергиликли  материаллар араласпасынан 5 түрде қаплама варианты таярланған.

Шавкат Мирзиёев бул үлгилерди көзден өткерди. Тараў қәнигелери жол қапламаларының қурамы, өзине түсер баҳасы, сапасы бойынша мағлыўмат берди.

Президент бул қолланбаларды қоллап-қуўатлаў, оларды инженерлик жағынан жетилистириў, шийки зат резервлерин ҳәм зәрүр техникаларды анық есап-санақ етип, ең мақулын таңлаў кереклигин  атап өтти.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары