БАЖЫХАНА ХАБАРЛАРЫ

Ҳәр қандай товардың кодын өзгертип, бажыхана төлемлеринен қашыў, солай етип, жасырын экономикаға қол урыўға болған нызамсыз ҳәрекетлер қырағы бажыханашыларымыз тәрепинен өз ўақтында анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контарабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими тәрепинен «Төрткүл» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постының хызметкерлери менен биргеликте республикамыз аймағында ҳәрекет етип турған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң бириниң атына келинген «санаат кондиционери» товарының ҳүжжетлери тексерилгенде, усынылған ҳүжжетлер гүман пайда етип, басқарманың сыртқы экономикалық байланысты тарифсиз тәртипке салыўды қадағалаў ҳәм бажыхана экспертизасы топары тәрепинен экспертиза тайынланды.

Оның шешими бойынша бул товарлар усынылған ҳүжжетлерде көрсетилгениндей кодга ийе емеслиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2013-жыл 20-марттағы «Өзбекстан Республикасына алып кириўде импорт бажыхана бажы  ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын технологиялық үскенелер дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарардың қосымшасында көрсетилген товарлардың дизимине киргизилмегенлиги анықланды.

Нәтийжеде 42 миллион сум бажыхана төлеми мәмлекет бюджетине өндирилди.

Қарақалпақстант хабар агентлиги.