Нөкис қаласы Имам Ийшан Муҳаммед мешитинде Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтының 2020–2021-оқыў жылының биринши семестр нәтийжелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты директорының оқыў ислери бойынша орынбасары С.Қудайбергенов, аға оқытыўшысы Ж.Искендеров, семестр нәтийжелери бойынша толық мағлыўмат берди.

 

 

Биринши ярым жыллық нәтийжелери бойынша барлық пәнлерди «айрықша» баҳаларға өзлестирген талабаларға «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

– Илажда Президентимиз айтқанындай, талабаларымыз терең билим ҳәм көзқарас ийеси, бир сөз бенен айтқанда, заманымыздың ҳәм жәмийетимиздиң ең алдынғы ўәкиллери болыўы кереклиги атап өтилди,-дейди Саламат Қудайбергенов. – Илим-билимлендириў тараўындағы соңғы унамлы жаңалықларды оқыў процесине енгизиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

 

 

 

 

Ҳәр бир ата-ана перзентиниң қолға киргизген жетискенликлери менен мақтаныўы тәбийғый, әлбетте. Ең тийкарғысы, усы оқыў жылының биринши ярым жыллығын айрықша баҳаларға жуўмақлаған талабалардың ата-аналарына билим журты администрациясы тәрепинен таярланған «Алғыснама»лар почта арқалы өз мәнзиллерине жиберилди.

Илажда билим журты тәрепинен таярланған «Билимлендириўде – Устаз ҳәм талаба биргеликте» атамасындағы видеоролик қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.