Усы жылдың 3-февраль күни ҚР Ишки ислер министрлиги Жынаят-излеў басқармасы, Төрткүл районлық ИИБ Жынаят-излеў бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен оператив илаж өткерилди. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Илаж нәтийжесинде 1989-жылы Төрткүл районында туўылған район турғыны С.Б. басқарыўындағы «Spark» автомашинасы Төрткүл районы «Мискин» постында тоқтатылып, пуқара С.Б. қалыслар қатнасыўында жеке тинтиў етилгенде үстиндеги кийиминиң шеп қалтасынан пуқара Ж.Х.ның паспорт нусқасына оралған өткир ийисли жасыл реңли шөп бар екенлиги анықланып, ҳүжжетлестирип алынған.

 

Бул шөп Эксперт жуўмағына муўапық 2,25 грамм «марихуана» нәшебентлик заты екенлиги анықланған.

 

С.Б. өз көрсетпесинде бул «марихуана»ны Төрткүл районында жасайтуғын «Абай» исимли адамнан алғанын мәлим еткен. С.Б.ның көрсетпесине муўапық, районда әмелге асырылған оператив илажлар нәтийжесинде 1993-жылы Төрткүл районында туўылған пуқара А.А. С.Б.ға 500 мың сумға 3,04 грамм «марихуана» нәшебентлик затын сатып атырған ўақтында усланып, қалыслар қатнасыўында тийисли тәртипте ҳүжжетлестирип алынды.

 

А.А. өз көрсетпесинде усы «марихуана» нәшебентлик затын районда жасайтуғын «Дәўранбек» исимли адамнан алғанын айтып берди. А.А.ның көрсетпеси тийкарында 1977-жылы Төрткүл районында туўылған, райондағы «Пахтачи» МПЖда жасайтуғын пуқара Д.Л. А.А.ға 500 мың сумға 27 дана «Трамадол-Ланнахер 50 мг» болған дәрилик затын сатып атырған ўақытта усланды.

 

Усы жағдай бойынша районлық ИИБ тәрепинен Жынаят кодексиниң 275-статьясы 2-бөлими, 273-статьясы 2-бөлими тийкарында жынаят иси ашылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.